Китап оқыған озар…

Президентимиз тәрепинен китапқумарлықты қоллап-қуўатлаў, олар ушын шараят жаратыў, қатарын көбейтиў, әсиресе, оқыўшы жасларды китапқумарлыққа қызықтырыў бойынша алға қойылған басламалар, орынларда өткерилип атырған илажлар өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте.
Нөкис районындағы Мәлимлеме-китапхана орайында бул бағдарда бир қатар илажлар алып барылмақта. Атап айтқанда, орайымызда өткен айдың өзинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 21-декабрьдеги ”Шаңарақларды беккемлеў ҳәм ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып “Китапқумар ана – ибрат мектеби” атамасында китапқумар аналар менен сәўбетлесиў кешеси болып өтти.
Кешеде Нөкис районы Ҳаял қызлар ислери бойинша Үгит-нәсият топарының баслығы С.Узакова, Мәлимлеме-китапхана орайының нураный китапқумар аналарынан Г.Сапарбаева ҳәм Г. Қосбергенова, 14-санлы мектеп китапханашысы С.Айтжанова ҳәм басқа да китапқумар аналарымыз қатнасып, өзлери оқыған китаплардан айтып, жасларға көплеген пайдалы мәсләҳәтлерин берди.
Сондай-ақ, орайымызда Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети ҳәм Алишер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы менен биргеликте, ҳәр айдың 17-сәнеси “Китапқумар аналар күни” деп белгиленгенлиги мүнәсибети менен “Миллий қәдириятларға ҳүрмет көрсетиўди шаңарақтан баслаймыз!” сүрени астында ZOOM платформасы арқалы “Ҳәййиў – аналар қосығы” онлайн фестивалы да болып өтти.
Нөкис районы Мәлимлеме-китапхана орайының қәнигелери райондағы қәнигелестирилген мектепте шөлкемлестирилген көшпели китапханаға барып, мектеп китапханашысы менен биргеликте “Мен Ренессанс қурыўшысыман” атамасында оқыўшылар менен сәўбетлесиў кешесин шөлкемлестирди.
Қәнигелер оқыўшыларға Ренессанс сөзиниң мәниси бойынша түсиник берип, Орта Азияда биринши ҳәм екинши ренессанс дәўири ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.
Биринши Орта Азия Ренессансында (IХ-Х әсирлер) Бухара, Самарқанд, Хорезм де пән ҳәм әдебиятта үлкен ойшыллар – Мухаммед аль-Хорезмий, Беруний, Ибн Сино, Рудакийлер, екинши Орта Азия Ренессансында А.Наўайы, Жомий, Мырза Улуғбеклер мийнет еткен.
Ҳәзирги күнде ғәрезсизликтен кейинги ўақытта илим, билимлендириў ҳәм мәдениятта жаңадан раўажланыў басқышы, үшинши Ренессанс ояныў дәўири деп баҳаланбақта.
Оқыўшылар қызығыўшылық пенен тыңлап, өзлери қызыққан сораўларын берди соң, китапханамызға келип түскен таза әдебиятлар менен таныстырылды.

Орайда бул бағдардағы илажлар нәтийжели даўам етпекте.
Г.Сейдуллаева,
Нөкис районлық Мәлимлеме-китапхана орайының, фондларды комплектлеў ҳәм қайта ислеў хызметиниң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги