Дүньяның ең кексе басшысы және сайланбақта… Халық қандай пикирде?

Камерунда екшемби күни болып өткен сайлаўда Африканың ең жасы үлкен басшысы, 92 жастағы Президент Пол Бия және жети жыллық мүддетке ҳәкимиятта қалыў ушын кандидатурасын алға қойды. 1982-жылдан берли мәмлекетти басқарып киятырған Бия, егер жеңип шықса, 99 жасқа шекем ҳәкимият басында қалады. Камерун 1960-жылы ғәрезсизликке ерискеннен берли тек еки президент көрген.
Пол денсаўлығы, узақ жыллық ҳүкимдарлығы ҳәм мәмлекеттеги экономикалық кризис себепли барған сайын көбирек сынға алынып атыр. Ол көп ўақтын Европада өткереди, мәмлекет басқарыўы болса ҳәмелдарлар ҳәм шаңарақ ағзаларының қолында.
“Syracuse” университетиниң профессоры Бенжамин Акидиң пикиринше, бул ретки сайлаў Бия ушын қәўипли өтиў итималы бар.
– Ол жүдә қартайған ҳәм мәмлекет 43 жыллық басқарыўдан шаршаған, – дейди илимпаз. – Енди нәтийже басқаша болыўы мүмкин.
Сайлаўда Бия менен бирге тоғыз талабан қатнасты. Олардың арасында бурынғы министрлер Белло Боуба Маигари ҳәм Исса Тчирома Бакари де бар. Нәтийжелер 26-октябрьге шекем жәрияланады.
Камерун ҳәзир еки үлкен машқала менен дус келген: батыста англичан тиллес сепаратистлер менен урыс, ал арқада болса “Боко Ҳарам” қәўпи. БМШ мағлыўматына бола, бул мәмлекет халқының 43 проценти кәмбағаллықта жасайды.
Бул сайлаў Пол ушын тарийхый сынақ болады. Мәмлекеттеги жас әўлад әлле қашан “өзгерис самалы”н сезе баслаған.
Мусулмон Зиё, ӨзА