«Ғалабалық диктант» акциясы өткерилди

124

Жаслар арасында жазба саўатлылық мәдениятын кең үгит-нәсиятлаў, өзбек тилине болған ҳүрмет ҳәм қызығыўшылықты және де арттырыў, оның социаллық авторитетин беккемлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Билим ҳәм қәнигеликлерди баҳалаў агентлигинде «Ғалабалық диктант» акциясы өткерилди.

«Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик тил ҳәм әдебияты университети жанындағы мәмлекетлик тилде жумыс алып барыў тийкарларын оқытыў ҳәм тәжирийбе арттырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте өткерилген илажда республикамыздағы жоқары оқыў орынларының студентлери қатнасты.

– «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының сайлаўалды бағдарламасында өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатында абырайын арттырыў, оның қолланылыў шеңберин кеңейтиў, жас әўладты өзбек тилине ҳүрмет руўҳында тәрбиялаў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген, – дейди ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары М.Тажимуратов. – Усы ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде «Ғалабалық диктант» илажы шөлкемлестирилди. Партиямыз өзбек тилин раўажландырыў, оның абырайын арттырыўға қаратылған усындай илажларды турақлы түрде қоллап-қуўатлап келмекте.

Илаждың жеңимпазлары ҳәм белсенди қатнасыўшылар 21-октябрь – «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызам қабыл етилгениниң 36 жыллығы қарсаңында сыйлықланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги