Ибратлы аўыл ҳаялы

15-октябрь – Халықаралық аўыл ҳаяллары күни
Кеўил қайсы мәнзилде қуўаныш, қәтержамлық тапса, сол мәкан оның сүйикли елатына айланады. Қаҳарманымыз Зульфия Бекмуратова да қәлб тынышлығын Беруний районының «Оразбай Жуманиязов» мәҳәллесинен (бурынғы Киров аўылы) тапты. Бухара ўәлаятынан усы аўылға келин болып түскенине 44 жыл болған Зульфия апа мийнеткеш, күнди күн, түнди түн демейтуғын аўыл ҳаялы.
З.Бекмуратова елимизде әмелге асырылып атырған реформалар менен избе-из адымлап атырған, берилип атырған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, абадан турмыс кеширип атырған ҳаяллардан бири. Ол райондағы 61-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде физика пәнинен сабақ берип, усы жерден пенсияға шыққан. Соң 15 жыл даўамында мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендиси лаўазамында ислеген. Көплеген ажырасыў алдында турған шаңарақлардың жарасыўына, мәҳәлледеги руўхый орталықтың жақсыланыўына өз үлесин қосып келмекте. Мәҳәлледе белсенди нураныйларға басшылық етип келмекте. «Бир нураный он жасқа жуўапкер» принципи тийкарында мәҳәлледеги жаслардың кәсип-өнер үйрениўине де қолқанат болмақта.
– Бахытлыман, – дейди З.Бекмуратова. – Өмирлик жолдасым менен төрт перзентти кәмалға келтирмектемиз. Олардың барлығы жоқары оқыў орынларында билим алған. Бүгинги күнде 12 ақлықтың әжесимен. Олар да келешекте елине, халқына пайдасы тийетуғын инсанлар болып ержетиўи ушын мийнет етип атырмыз.
З.Бекмуратованың көп жыллық мийнети инабатқа алынып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Ибратли ҳаял» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Ибрат болса арзырлық аўыл ҳаялының мийнети бүгинги күнде жас шаңарақларға өрнек болмақта.
Зульфия апа сыяқлы көпшилик аўыл ҳаяллары дала жумысы, шарўа, қыйтақ жерге қараў сыяқлы турмыс тәшўишлерине оратылып қалмастан, елимиздиң раўажланыўы ҳәм халық абаданлығы жолында мийнет етпекте. Олардың кеўли аўыл далалары сыяқлы кең. Барына қанаат етип, жоғын жасырып, барын арттырып жасап киятырған бул ҳаяллар ертеңги күн даўамшыларын тәрбияламақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги