2029-жылғы “Ислам тилеклеслиги” ойынлары Өзбекстанда өткерилиўи мүмкин

114

Саудия Арабстаны пайтахты Ар-Риёд қаласында “Ислам тилеклеслиги” ойынларының басланыўына бир айдан аз ўақыт қалғанда Халықаралық Ислам тилеклеслиги спорт ассоциациясы (ISSA) 2029-жылғы ойынларды өткериўши мәмлекетлердиң атын жәриялады.

Биз ушын итибарлы тәрепи, және төрт жылдан кейин шөлкемлестирилиўи режелестирилген “Ислам тилеклеслиги” ойынларына басшылық етиўи мүмкин болған үш мәмлекеттен бири Өзбекстан екени атап өтилди.

Бул ҳаққында сөз еткен Халықаралық ислам тилеклеслиги спорт ассоциациясының бас хаткери Носир Маджали 2029-жылғы ойынларды өткериўге Өзбекстан, Малайзия ҳәм Иран мәмлекетлери анық даўагер екенин атап өтип, жақын арада ISSA комиссиясы бул мәмлекетлердеги бар спорт инфраструктурасы менен жақыннан танысатуғынын билдирип өтти.

ISSAға ағза 57 мәмлекетте спорт түрлери жедел раўажланып атырғанына қарамастан, Олимпиада медальларының тек ғана 7 проценти олардың үлесине туўра келеди.

“Ислам тилеклеслиги” ойынларының системалы өткерилиўиниң жолға қойылыўы, спорт интеграциясының ислам мәмлекетлеринде кеңнен ен жайдырылыўы нәтийжесинде Олимпиада медальларының салмағы олардыӊ және де артыўына хызмет етиўине қаратылған, делинеди ISSA хабарында.

Усы жылдың 7-21-ноябрь күнлери Ар-Риёдта болып өтетуғын VI “Ислам тилеклеслиги” ойынларында 57 мәмлекеттен 4 мыңнан аслам спортшы 13 олимпиада, 5 олимпиада емес спорт түрлеринде қатнасыў ушын талапнамалар бергенин атап өтиў керек.

Еслетип өтемиз, мәмлекетимиз спортшылары 2022-жылы Түркияның Коня қаласында өткен V “Ислам тилеклеслиги” ойынларында 51 алтын, 42 гүмис ҳәм 65 қола медальларын қолға киргизип, 56 қатнасыўшы мәмлекет арасында 2-орынды ийелеген еди.

Тўлқин Рўзиев, ӨзА