Өзбекстан – футбол бойынша Жәҳән чемпионатында қатнасатуғын Орайлық Азияның бирден-бир сайланды командасы

105

Хабарыңыз бар, футбол бойынша гезектеги Жәҳән чемпионаты АҚШ, Мексика ҳәм Канада мәмлекетлеринде болып өтеди. Усы күнлерде дүньяның ҳәр қыйлы орынларында жарысқа жоллама беретуғын сайлап алыў басқышлары өткерилмекте.

Бул сайлап алыўлар даўамында Өзбекстан, Япония, Жаңа Зеландия, Иран, Аргентина, Корея Республикасы, Иордания, Австралия, Эквадор, Бразилия, Уругвай, Колумбия, Парагвай, Марокко, Тунис, Египет, Альжир, Гана ҳәм Кабо-Верде мәмлекетлери мундиал жолламасын қолға киргизди. Сондай-ақ, АҚШ, Канада ҳәм Мексика сайланды командалары жарыс сол жерде болғаны ушын тиккелей қатнасыў ҳуқықына ийе.

Соны атап өтиўимиз керек, Өзбекстан бул Жәҳән чемпионатында қатнасатуғын Орайлық Азияның бирден-бир миллий сайланды командасына айланды.

Гәп сонда, октябрь айындағы ФИФА күнлеринде Қазақстан миллий сайланды командасы да өз тарийхында биринши мәрте Жәҳән чемпионатына жоллама алыў ушын гүресип атырған еди.

Қазақстан Европа регионы сайлап алыў турнири “J” топарындағы гезектеги тур ушырасыўын сапарда Арқа Македонияға қарсы өткерди ҳәм 1:1 есабында теңбе-тең ойнады. Жойтылған еки очко әмелде қоңсыларымызды мундиалға шығыў имканиятынан айырды.

Жавоҳир Тошхўжаев,

ӨзА