Рецептли дәри қуралларының нызамсыз айланысына қарсы жаза күшейтиледи

194

Соңғы жыллары рецепт пенен берилетуғын дәри қуралларының нызамсыз айланысы, оларды нызамға қайшы түрде реализациялаў ҳәм инсан өмири ушын қәўипли ақыбетлерге себеп болып атырған жағдайлар көбеймекте.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған рецепт пенен берилетуғын дәри қуралларының нызамсыз айланысы ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары биринши оқыўда концептуаллық жақтан көрип шығылды.

– Әмелдеги нызамшылықта рецепт пенен берилетуғын дәри қураллары шеңбериндеги ҳуқықбузарлықлар ушын белгиленген санкциялар сәйкес емес болып, дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлардың нызамсыз айланысына шек қойыў ҳәм оның алдын алыў бойынша ҳуқықый механизмлерди буннан былай да жетилистириў зәрүрлиги жүзеге келмекте, – деди депутат Тоҳир Полвонов. – Атап айтқанда, таллаўларға бола, 2022-2025-жыллар даўамында 18 миллиард сумлық 285 мың дана дәри-дәрмақ нызамсыз айланыстан алып қойылған. Тек ғана 2024-жылы бундай жағдайлар 2022-жылға салыстырғанда 3 есеге көбейген. 2021-2024-жылларда дәри-дәрмақтан зәҳәрленген шахслардың саны 18 мың 87 ни қураған.

Нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасының Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерине рецепт тийкарында берилетуғын дәри қуралларының нызамсыз айланысына қарсы жаза илажларын күшейтиў усыныс етилмекте. Соның ишинде, қурамында күшли тәсир ететуғын элементлер болған дәри қуралларын рецепт бойынша усақлап реализациялаў тәртибин бузыў, усындай ҳәрекет ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан соң ямаса көп муғдарда исленген жағдайларда – жынайый жуўапкершилик белгилеў ҳәм еки жүз есесинен үш жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма жазасы нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қурамында күшли тәсир ететуғын элементлер болмаған дәри қуралларын ҳәм қурамында күшли тәсир ететуғын элементлер болған дәри қуралларын рецепт бойынша усақлап реализациялаў тәртибин бузғаны ушын әмелде белгиленген жәриймалар муғдарын арттырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи халықтың денсаўлығын исенимли қорғаў, дәри қуралларының нызамсыз айланысына шек қойыў ҳәм бул тараўда ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

Додалаўлардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилди.

 

ӨзА