Тәбият ҳәм туризм жолындағы бирге ислесиў: «Геопарк Арал» бойынша меморандумға қол қойылды

Усы жылдың 4–9-октябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеевтиң басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Қазақстанда рǝсмий сапарда болды.
Сапар шеңберинде туризмди раўажландырыў, қатнасықларды беккемлеў ҳǝм трансшегаралық Геопарк жаратыў ушын Қазақстан тǝжирийбесин үйрениў бойынша бирге ислесиў жолға қойылды. Қарақалпақстан делегациясы Арал геопаркиниң ǝҳмийетли жерлери, соның ишинде, ол жердеги тǝбийғый ҳǝм мǝдений дыққатқа ылайық Каньон ҳǝм Акеспе аўылында сапарда болды.
Сапар даўамында экотуризм, геопарк инфраструктурасы, сондай-ақ, Аралбойы тǝбийғый ҳǝм мǝдений мийрасын қорғаў бағдарындағы қоспа илимий-изертлеўлер бағдарындағы жумыслар талқыланды.
Сапар шеңберинде Халықаралық Аралды қутқарыў фонды Қазақстан Республикасы Атқарыў дирекциясында Қарақалпақстан Республикасы делегациясы менен дɵгерек сǝўбети де болып ɵтти. Қатнасыўшылар Қазақстан ҳǝм Қарақалпақстан Республикаларының тǝбийғый ҳǝм мǝдений мийрасын, сондай-ақ, суў ресурсларын, туризм ҳǝм илим тараўларын бирлестиретуғын трансшегаралық Геопарк жаратыў мүмкиншиликлерин талқылады.
– Ҳәзирги ўақытта дүнья жүзи бойлап 200 ден аслам геопарклер болып, олардың дерлик көпшилиги геологиялық объектлерди сақлаў менен бирге, туризм ҳәм билимлендириў тараўлары арқалы жергиликли экономиканы раўажландырыўға хызмет етпекте, – дейди Аралды Қутқарыў Халықаралық қоры Атқарыў комитети Нөкис филиалының директоры А.Мамбеткаримов.
«Геопарк Арал» жойбары да экология ҳәм илимий-изертлеўлер, туризм инфраструктурасында жаңа имканиятлар есигин ашады. Аралбойы аймағы – өзине тән тәбийғый ландшафтлар, шөл аймақлары, тарийхый-мәдений естеликлер ҳәм жергиликли халықтың бай этнографиялық мийрасы менен сырт елли туристлер ушын пайызлы мәкан болып есапланады.
Қарақалпақстан делегациясының Қызылорда ўǝлаятына сапары даўам етип, Трансшегаралық геопаркти жаратыў бойынша Қазақстан тǝжирийбеси талқыланды. Сапар даўамында еки халық арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа кɵтериў, сондай-ақ, тǝреплердиң трансшегаралық басламаларын таярлаў ушын биргеликте жумыс алып барыўды даўам еттириў нийетинде екенлиги атап ɵтилди.
Бул жерде Қызылорда ўǝлаяты ҳǝкимияты ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси арасында трансшегаралық геопаркти жаратыў бойынша басламаларды раўажландырыў ҳǝм бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды.


Меморандумға қол қойылыўы тǝреплердиң турақлы раўажланыўы, экология ҳǝм илим тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиў, геотуризмди алға илгерилетиў ҳǝм Арал теңизи тǝбийғый мийрасын қорғаў ушын улыўмалық платформаны қǝлиплестириўге үлес қосады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги