Гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары сын көзқарастан додаланды

152

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың басшылығында барлық мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм уйымлар басшыларының қатнасыўында гүзги-қысқы мәўсимди зыянсыз өткериў бойынша сын көзқарастан мәжилис болып өтти.

Онда министрликлер, жуўапкер шөлкемлер ҳәм тийисли хызмет көрсетиўши кәрханалардың басшылары, жоқары оқыў орынларының ректорлары, мәҳәлле баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда республикамызда гүзги-қысқы мәўсимди зыянсыз өткериў, инфраструктура ҳәм социаллық тараў объектлеринде анықланған кемшиликлерди қысқа мүддетлерде сапластырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәжилис даўамында электр энергиясы, тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ, ыссылық тәмийнаты, ишимлик суўы тармақлары және жанылғы резервлерин қәлиплестириўдеги  машқалалар бойынша жуўапкерлердиң есабаты тыңланды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен анықланған кемшиликлерди қысқа мүддетте сапластырыў, сондай-ақ, қыс мәўсиминде үзликсиз ыссылық ҳәм энергия тәмийнатын жолға қойыў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Мәжилис жуўмағында барлық жуўапкер басшыларға қыс мәўсимин зыянсыз өткериў бойынша ҳәр бир тараўда жеке жуўапкершилик пенен қатнас жасаў, орынларда системалы қадағалаўды күшейтиў ҳәм халықтың шағымларына жедел жуўап бериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы қатаң қадағалаўға алынатуғыны мәлим етилди.

 

ӨзА