Нөкисте жаңа футзал клубы шөлкемлестирилди

94

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен Нөкис қаласында «Арал Қарақалпақ Газ» профессионал футзал клубы шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Футбол Ассоциациясында шөлкемлестириўшилер тәрепинен тайынланған жаңа клубтың директоры ҳәм бас тренери менен ушырасыў өткерилди.

Онда клуб директоры Мурат Атаниязов ҳәм бас тренер Тимур Искендеровлар клубтың алдағы ис-режелери ҳаққында  футбол Ассоциациясы басшыларына кең түрде мағлыўматлар берип, олардың пикир-усынысларын тыңлады.

Соны айтып өтиўимиз керек, “Ҳудудгаз Қорақалпоғистон” газ тәмийнаты филиалы қәўендерлигинде шөлкемлестирилип атырған бул футзал клубы енди Өзбекстан биринши лигасында қатнасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы