Онлайн кредит алыўды қадаған етиў мүмкин бе?

87

Ҳуқықый қатнас

Ҳәр бир физикалық шахс өзиниң разылығысыз ямаса хабарысыз кредит рәсмийлестирилиўиниң алдын алыў ушын кредит келисимин дүзиўди қадаған етиў ҳуқықына ийе.

Хош, буның ушын пуқара қай жерге мүрәжат етиўи керек?

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Имомали Туев бул бойынша төмендегише түсиник берди:

– Бул жағдайда пуқара дәслеп, кредит бюросына арза бериўи керек болады.

Арза бериў болса төмендегилер арқалы әмелге асырылады. Соның ишинде, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы электрон түрде, мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы жазба ямаса электрон түрде, кредит бюроларына тиккелей мүрәжат етиў арқалы арза бериў мүмкин болады.

Арза берилгеннен соң, ол дәрҳал реестрге киргизиледи ҳәм кредит келисимин дүзиўге қадаған етиледи. Пуқара қәлесе, қадағалаўды алып таслаў ушын да арза бериўи мүмкин.Бул хызметлер бийпул көрсетиледи.

Реестрдиң ҳуқықый әҳмийети сонда, кредит бюролари физикалық шахслардың арзалары тийкарында дизим жүргизеди.

Банклер, банк емес кредит шөлкемлери ямаса микрофинанс шөлкемлери реестрди тексерип көрместен кредит келисимин дүзиўи мүмкин емес.

Егер усындай жағдай жүз берсе, яғный пуқараның хабарысыз кредит рәсмийлестирилсе, барлық ҳуқықый ақыбетлер усы финанслық шөлкемниң мойнына жүкленеди.

Буннан жуўмақ сонда, бул кепиллик пуқаралардың ҳуқықларын қорғайды – пуқара қәлесе, кредит рәсмийлестирилиўин қадаған етип қойыўы мүмкин. Бул тәртип оларды алдаўшылықтан қорғайды ҳәм банклер және кредит шөлкемлерине жуўапкершилик жүклейди.

ТИЙКАР: “Кредит информациясы алмасыўы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы низамы, 161-статья.

Гулноза Бобоева, ӨзА