Гүрес “Ислам тилеклеслиги” ойынлары бағдарламасында

102

Миллий спортымыз гүрес усы жылдың 7-21-ноябрь күнлери Саудия Арабстанында болып өтетуғын “Ислам тилеклеслиги” ойынлары системасынан орын алды.

Бул әҳмийетли қарар ата-бабаларымыздан мийрас қәдириятымыз болған гүрестиң спорт түри сыпатында Ислам тилеклеслиги спорт ассоциациясы (ISSA) ға ағза мәмлекетлер арасында және де кеңнен үгит-нәсиятланыўы ҳәм оның халықаралық спорт майданындағы абырайын арттырыў жолындағы гезектеги исенимли қәдем болды.

Халықаралық гүрес ассоциациясының хабарына бола, Ар-Риёдта өтетуғын “Ислам тилеклеслиги” ойынларының гүрес жарысларында қатнасыў Азия ҳәм Африкадағы барлық миллий Гүрес федерациялары ушын ашық есапланады.

“Ислам тилеклеслиги” ойынларының шөлкемлестириў комитети менен келисимге бола, ҳәр бир мәмлекет делегациясы жарысларда 2 тренер, 2 ер адам ҳәм 2 ҳаял гүресшиден ибарат болыўы белгиленген.

Гүрес беллесиўлеринде ер адамлар -66 ҳәм -81 килограмм, ҳаял гүресшилер -57 ҳәм -70 килограмм салмақ категорияларында жеңимпазлық ушын гилемге шығады.

Т.Рўзиев, ӨзА