Шарм аш-Шейх саммитинде Газа бойынша тынышлық шәртнамасына қол қойылды

Ҳәзирги ўақытта Шарм аш-Шейхте Газа бойынша тынышлық келисимин рәсмий тастыйықлайтуғын саммит өткерилмекте. Египетте жыйналған жигирмаға шамалас мәмлекет басшылары арасында Батыс, араб ҳәм мусылман мәмлекетлериниң жетекшилери бар, деп хабар берди BBC басылымы.
АҚШ, Қатар, Египет ҳәм Түркия Газа секторындағы урысты тоқтатыў ҳаққында қол қойған келисим көплеген қағыйда, реже ҳәм басқа да мәселелерди өз ишине алған әҳмийетли ҳүжжет есапланады.
Илажға жетип келген АҚШ жетекшиси Дональд Трамп әмелге асырылып атырған келисимниң екинши басқыш сөйлесиўлери басланғанын мәлим етти. Ол Египет Президенти Абдулфаттоҳ Ас-Сиси менен бирге журналистлердиң сораўларына жуўап берди:

– Екинши басқыш, бизиң көзқарасымыз бойынша, басланды. Билесиз, басқышлар бир-бири менен үнлес. Енди Газаны тиклеўге кириседи. Түрли мәмлекетлерден келген жетекшилер, мирәт етилген барлық қатнасыўшылар улыўма жумысқа ҳүрмет көрсетпекте.
“Анадолу”дың жазыўынша, егер Иран АҚШ пенен сөйлесиўге таяр болса, бул мәмлекеттен санкция алып тасланыўы мүмкин екени де жәрияланған.
Ақ үй басшысы 13-октябрьди Жақын Шығыс ушын, жуўмағында тынышлық алып келген “уллы күн” деп атады. “Бүгин биз белгилеп атырған бурылыс ўақыясы Газадағы урыс тамам болыўынан да әҳмийетлирек. Бул пүткил Жақын Шығыс ушын жаңа дәўирдиң басланыўы”, деп қосымша еткен Америка басшысы.
Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ, ӨзАның хабаршысы