Ата-аналардың ҳәдден тыс қатаң болыўы балаларда депрессия жағдайларының артыўына себеп болмақта

106

Балаларды тәрбиялаў процеси ҳәр дайым аңсат өте бермейди. Ата-аналар перзентлерине тәрбия бериў, олардың өмирде табысқа ерисиўин тәмийинлеў мақсетинде түрли тәрбиялық усыллардан пайдаланады.

Бирақ гейде ҳәдден тыс қатаңлық, руўхый ҳәм физикалық басымның күшейиўи баланың психологиялық жағдайына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.

Американың WebMD басылымының мағлыўматларына бола, ата-аналардың ҳәдден тыс қатты қатаңлығы балаларда депрессия ҳәм басқа да руўхый машқалалар қәўпин арттырады. Әсиресе, өсиў дәўириндеги балалар ушын бундай стрессли орталық узақ мүддетли унамсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Сонлықтан, балаларды тәрбиялаўда хошаметлеў ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўды тийкарғы фактор етип алыў зәрүр.

Ата-аналардың тәрбиялық усылы баланың руўхый саламатлығына тиккелей тәсир етеди. Ҳәдден тысқары қатаң ҳәм қадағалаўшы қатнас, физикалық жазалаў ҳәм сөйлесиўди шеклеў сыяқлы усыллар балалардың өзин түсинбейтуғындай, жалғыз ҳәм қәдир-қымбатынан айырылғандай сезиниўине себеп болады. Бундай психологиялық орталық, әсиресе, өсип киятырған баланың санасында стресс ҳәм қәўетерлилик дәрежесиниң артыўына алып келеди.

Психологиялық басым астында тәрбияланған балаларда депрессия жағдайларының көбейиўи бақланған. Бул жағдай, өз гезегинде, баланың социаллық белсендилигине, оқыўға болған қызығыўшылығы ҳәм өзин-өзи аңлаў қәбилетине унамсыз тәсир көрсетеди. Сондай-ақ, физикалық жазалаўлар балаларда физикалық ҳәм руўхый травмаларды келтирип шығарады, бул болса олардың өзине болған исенимин төменлетеди.

Изертлеўлер соны көрсетеди, ата-аналар перзентлерин хошаметлеў ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўға көбирек итибар қаратқанда, балалардың руўхый ҳәм интеллектуаллық саламатлығы жақсыланады. Мәселен, перзент пенен ашық ҳәм шын кеўилден сөйлесиў, унамлы пикирлерди хошаметлеў ҳәм олардың сезимлерин итибарға алыў балалар ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы орталық жаратады. Бул болса олардың өзин-өзи қәдирлеў ҳәм стресске шыдамлылық дәрежесин арттырады.

Нәтийжеде, ата-аналардың тәрбиялық усылын жетилистириў ҳәм психологиялық саламатлықты итибарға алған ҳалда, баланың индивидуал өзгешеликлерин есапқа алған қатнасты қолланыў әҳмийетли. Себеби, бала руўхый жақтан саламат болса, ол жәмийетте де белсенди ҳәм табыслы шахсқа айланыў имканиятына ийе болады.

Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзА