Уллы Британия тәжирийбеси Қарақалпақстанда

Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында «Алты дюйм топырақ» ҳүжжетли фильминиң презентациясы болып өтти. Мақсет – дегредацияға ушыраған жерлердиң өнимдар қатламын қайта тиклеў бойынша Уллы Британия тәжирийбесин үйрениў ҳәм оны Қарақалпақстан шараятында қолланыў имканиятларын додалаўдан ибарат.
Илажда Уллы Британияның Өзбекстандағы елшиханасының ўәкиллери, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң жуўапкерлери, илимий-изертлеў институтларының илимпазлары, өндирис ўәкиллери, фермерлер, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Презентация жуўмағында фильмде сәўлелендирилген алдыңғы тәжирийбелер ҳәм инновациялық көзқараслар бойынша ашық пикирлесиў шөлкемлестирилди. Институт ректоры Б.Жоллыбеков басшылығында өткерилген додалаўда қатнасыўшылар бул тәжирийбени Қарақалпақстан шараятында енгизиў имканиятлары ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди.

Илаж жуўмақланғаннан соң Уллы Британияның Өзбекстандағы елшиханасы ўәкиллерине жаңа заманагөй лабораториялар таныстырылып, бирге ислесиўди және де кеңейтиўге келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги