Дизимге алыў – халықтың турмысын жақсылаўға хызмет етеди

Усы жылдың 19-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен “Өзбекстан Республикасында халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын өткериў ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға бола Өзбекстанда 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекем халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажы өткериледи. Бул процесс мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўын стратегиялық режелестириўде үлкен әҳмийетке ийе.
– Илаж еки басқышта әмелге асырылады, – дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы баслығының орынбасары К.Омаров.
Алдын 15-31-январь аралығында пуқаралар “census.stat.uz” порталы арқалы (физикалық шахстың жеке идентификация номери) онлайн дизимнен өтиўи мүмкин. Усы басқышта топланған мағлыўматлар 3 күн ишинде талқыланады. Кейинги басқышта, яғный 4-28-февраль күнлери аралығында “мәҳәлле жетилиги” ҳәм басқа да белсендилер үйме-үй жүрип мағлыўмат топлайды.
Бул арқалы – халық ҳаққында толық мағлыўмат жыйнаў: шаңарақлардың қурамы, жаслар ҳәм кекселердиң үлеси, билимлендириў дәрежеси, бәнтлик жағдайы ҳәм миграция процесслери, сондай-ақ, аўыл хожалығындағы жағдай: жерден пайдаланыў, шарўашылық ҳәм қусшылық көрсеткишлери анықланады.
Дизимге алыў жумысларының қыс мәўсимине мөлшерленгени де қолайлық жаратады. Себеби, бул дәўирде халық көп ҳәрекетленбейди, аўыл хожалығында мәўсимлик жумыслар азаяды. Бул нәрсе фермерлер ҳәм дийқанлар ушын да мағлыўмат бериўде жеңиллик жаратады.
Ең әҳмийетлиси – дизимге алыў процеси тек ғана санларды жыйнаў ушын емес, ал пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет ететуғын әҳмийетли қарарлар қабыл етиў ушын тийкар болады.

Ҳәзирги ўақытта орынларда таярлық жумыслары алып барылмақта. Өзбекстан Республикасы миллий статистика комитети тәрепинен тийисли қәнигелерди (тренерлерди) таярлаў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ статистика басқармасында арнаўлы штаб хәм Call-центр шөлкемлестирилип, шөлкемлестириў режеси таярланбақта ҳәм мәҳәллелердеги халықтың саныӊ жетиликке бөлистириў жумыслары алып барылмақта.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги