Египеттен үлкен жеңис пенен қайтқан жаслар

134

Египеттиң пайтахты Каир қаласында пара-пауэрлифтинг бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында жәҳән чемпионаты болып өтти.

Жарысқа дүнья жүзиниң 27 мәмлекетинен 120 спортшы қатнасты. Қызғын беллесиўлерге толы өткен жарыс жуўмағында, Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 27 алтын, 11 гүмис ҳәм 9 қола медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеўге миясар болды. Әҳмийетли тәрепи сонда, командамыздың бул үлкен жеңисине қарақалпақстанлы пара атлетлер де өзлериниң салмақлы үлесин қосты. Атап айтқанда,  жас өспиримлер арасында 88 кг салмақта жарысқа қатнасқан Азизбек Пердебаев алтын,  жаслар арасында 88 кг да Ҳусниддин Усманжанов  бир гүмис ҳәм қола медалын, қызлар арасында 55 кг Зухра Юлдашева ҳәм 79 кг да Турсынай Турсынбаева алтын ҳәм Азада Балтабаева қола медальларын жеңип алыўға миясар болды.

– Пара-пауэрлифтинг спорты республикамызға 2017-2018-жыллары кирип келген еди, – дейди Ҳусниддин Усманжановтың устазы Ислам Рўзибаев. – Мине соннан берли, республикамыз ўәкиллери Өзбекстан ҳәм Азия чемпионатларында қатнасып келмекте. Бүгинги жеңис республикамыз пара-пауэрлифтинглериниң қолға киргизген ең үлкен жеңиси болды. Енди усы жылдың 7-21-декабрь күнлери Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында өткерилетуғын ПараАзия ойынларына таярлық көремиз.

Жеңимпаз параспортшыларды жарысқа Қуралбай Оразымбетов ҳәм Ислам Рўзибаевлар таярлады.

Бүгин бул жеңимпаз параспортшыларымыз Нөкис Темир жол вокзалында Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң ўәкиллери, тренерлер ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери менен бирге салтанатлы түрде күтип алынды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы