Саламатлық елшилери спорт майданында

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы аймақлық балалар медициналық реабилитация орайында медицина хызметкерлери арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды спортқа кеңнен тартыў мақсетинде, спорттың шахмат, шашка, стол тенниси, мини-футбол түрлери бойынша Спартакиада шөлкемлестирилди.
Спартакиаданың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Гаўҳар Абдисаметова, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Лизахан Байбосынова, Саламатлық ҳәм стратегиялық раўажланыў институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Гулайим Шразова, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң ғалабалық спортты раўажландырыў бөлиминиң баслығы Икрам Қудияровлар шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи.
Қызғын өткен спорт жарыслары жуўмағында, шашка бойынша ҳаял-қызлар арасында, қанлыкөлли Нурсулыў Узақбаева биринши, бозатаўлы Эльмира Сатбаева екинши ҳәм Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы хызметкери Перуза Дошанова үшинши орынларды ийелеген болса, ерлер арасында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы хызметкери Қуўатбай Төрешов биринши, Республика көп тармақлы медицина орайы хызметкери Дармен Аманиязов екинши ҳәм қоңыратлы Уктам Рейповлар үшинши орынға миясар болды. Шахмат бойынша өткерилген беллесиўлерде тахтакөпирли Мафруза Реймова биринши, шымбайлы Раўшан Султанова екинши ҳәм қанлыкөлли Ығбал Смайлова үшинши орынларға мүнәсип деп табылды. Ерлер арасында өткерилген жарысларда елликқалалы Ҳамдам Дурдиевке тең келетуғын қарсылас табылмады. Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы хызметкери Адилбай Рейимбаев ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги хызметкери Мэлс Ескабуловларға екинши ҳәм үшинши орынлар несип етти. Спорттың стол тенниси түри бойынша ҳаял-қызлар арасында нөкисли Луиза Алиева биринши, тақыятаслы Жәннет Татикова екинши ҳәм мойнақлы Айнаш Махамбеталиева үшинши, ерлер арасында мойнақлы Санжар Есжанов биринши, нөкисли Айбек Атамуратов екинши ҳәм Республикалық суд-медициналық экспертиза илимий-әмелий орайы Қарақалпақстан филиалы хызметкери Дамир Қалимбетов үшинши орынларды жеңип алды. Мини-футбол бойынша өткерилген ойынларда болса, Шымбай районы медицина бирлеспеси бас сыйлықты жеңип алды.

Финалда шымбайлыларға жеңилип қалған Кегейли районы медицина бирлеспеси екинши, Шоманай районы медицина бирлеспеси сыйлы үшинши орынларға ылайық деп табылды. Спартакиада жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлықлары, медальлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы