Бирге ислесиў жойбарлары Аралбойы халқының абаданлығына хызмет етпекте

Японияның Өзбекстандағы елшиханасы екинши хаткери Кими Уно басшылығындағы делегация Қарақалпақстан Республикасында Япония ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылып атырған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасының «Ықлымға шыдамлы аўыл хожалығы арқалы Аралбойы аймағында турақлылықты қоллап-қуўатлаў» жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Жойбардың мақсети халықтың дәраматы кем қатламларының азық-аўқат ҳәм экономикалық қәўипсизлигин арттырыў, турақлы дәрамат дереклерин раўажландырыў ҳәм заманагөй экологиялық шешимлерди енгизиўден ибарат. 2024-2025-жылларда жойбар шеңберинде фермерлер, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық мәкемелерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылды.
Кегейли районында Япония ҳүкимети жәрдеминде БМШРБ менен биргеликте «AquaReuse – Дренаждан өсиўге қарай» атамасындағы пилот жойбар әмелге асырылмақта. Жойбар дренаж суўларын жыйнаў, тазалаў ҳәм қайта пайдаланыў арқалы бағ ҳәм палыз өними жетистириўди жолға қойды. 48 мың 850 долларлық баслама шеңберинде суў биринши гезекте балық ҳәм артемия бағыўға, кейин 15 кВт қуяш системасы арқалы тамшылатып суўғарыўға жумсалады. Жойбар дренаж суўынан нәтийжели пайдаланыў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға үлес қоспақта.
Нөкис ҳәм Кегейли районларындағы «Саим ай» ҳәм «Асадбек Данияр» фермер хожалықларында мийўели бағлардың шөлкемлестирилгени әўметли басламалардан бири болды. 1 гектар майданға 800 түптен алма ҳәм алмурт тереклери егилип, жасалма суў бассейнлеринен азықландырылатуғын заманагөй тамшылатып суўғарыў системалары орнатылды. Бул тек азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеп қоймастан, аўыл халқы ушын мәўсимлик жумыс орынларын жаратты.
Нөкис районында тамшылатып суўғарыў системасына ийе 50 м² ыссыхана шөлкемлестирген пуқара Қаллыбек Тлеўовтың жойбары қоллап қуўатланды. Үйрениў ҳәм техникалық жәрдем себепли палыз егинлерин жыл даўамында табыслы жетистирип, шаңараққа 7 түрдеги жаңа өним ҳәм қосымша дәрамат алып келмекте.
Усы районда Насийба Жолдасбаеваның жойбары әмелге асырылды. Ол биогумус ислеп шығарыў цехын ашты. Жаўын қуртлары жәрдеминде алынатуғын органикалық төгин топырақтың өнимдарлығын арттырады ҳәм жергиликли фермерлер арасында жоқары талапқа ийе. Өндирис органикалық шығындыларды азайтыўға ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге жәрдем береди.
Ҳаял-қызлардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды. «Үй алдында пал ҳәррешилиги» бағдарламасы шеңберинде 24 аўыл халқы, атап айтқанда, 15 ҳаялға пал ҳәррелери уясының топламы, палды тазалаўшы әсбап-үскенелер тапсырылды. Пал ҳәррелери уяларының санын бесеўден онға жеткерген Гүласал Реимбаева киши басламалар турақлы дәрамат ҳәм ертеңги күнге исеним дереги болыўы мүмкин екенлигин көрсетти.
Жойбар, сондай-ақ, аўыл халқы ушын жумыс орынларын ҳәм жаңа имканиятларды тәмийинлейтуғын устаханалар ҳәм киши кәрханаларды шөлкемлестириўге жәрдем береди. Мәселен, Нөкис районында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасының жәрдеминде ақаба суў қубырлары ҳәм фитинглер ислеп шығарыў цехы, Кегейли районында болса, жылына 600 тоннаға шекем органикалық төгин ислеп шығаратуғын суйық биогумус ислеп шығарыў цехы ашылды. Шымбай районында мәкке таяқшалары (маккажўхори таёқчалари) ислеп шығарыў цехы шөлкемлестирилип, жылына 1 мың 200 тоннаға шекем мәкке жармасы қайта исленеди ҳәм 4 жергиликли халық турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.
Инфраструктура жойбарлары да үлкен әҳмийетке ийе болды. Шымбай районындағы «Пашентаў» аўыл пуқаралар жыйынында суўды душшыландырыў станциясы реконструкцияланып, 1 мың 897 халық таза ишимлик суўы менен тәмийнленди. 12 м³/саат қуўатлылыққа ийе жаңа үскенелер орнатылды ҳәм 1000 метр узынлықтағы суў қубыры жатқарылды.
Нөкисте жойбар жәрдеминде Қарақалпақстан майыпларды реабилитациялаў орайы тийкарында Японияның “Johkasou” ақаба суўларды тазалаў системасы енгизилди. Суткалық қуўаты 20 м³ болған қурылма тазаланған суўды техникалық зәрүрликлер ушын қайтадан пайдаланыў имканиятын береди. Бул болса, қоршаған орталыққа болған жүклемени азайтады ҳәм мәкемениң қаржыларын үнемлейди.
Кегейли районындағы «Көкөзек» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағындағы 38-санлы улыўма орта билим бериў мектеби филиалында реконструкциялаў жумыслары жуўмақланды. Жаңаланған имаратта қуяш панеллери, суў ысытыў қурылмасы, жаңа ысытыў ҳәм суў тәмийнаты системасы орнатылған. Нәтийжеде 80 оқыўшы ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз билимлендириў шараяты жаратылды. Буннан тысқары, Нөкис районында айына 60 тонна өним ислеп шығарыў қуўатлығына ийе “Bravion” кәрханасының помидорды қайта ислеў цехы ашылған болып, онда 5 жергиликли пуқара жумыс пенен тәмийинленген. Жергиликли шийка заттан тәбийғый томат пастасын ислеп шығарыў азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм киши бизнести раўажландырыўға жәрдем береди.
Жойбар шеңберинде исбилерменликти раўажландырыў, өнимдарлық ҳәм өнимниң сапасын арттырыўға қаратылған Японияның «Бир аўыл – бир өним» (OVOP) ҳәм “Кайзен” методикалары да енгизилмекте. Қарақалпақстан районларынан 100 ден аслам қатнасыўшы оқытылды. Олар технологияларды өзлестирип, әллеқашан жергиликли өндиристиң өзгеше өнимлерин жаратпақта.
Япония ҳүкимети жәрдеминде әмелге асырылып атырған бул басламалардың барлығы инновациялар, жергиликли ресурслар ҳәм инсан потенциалы Аралбойы аймағын турақлы раўажландырыўдың ҳәрекетлендириўши күшине айланыў мүмкинлигин айқын көрсетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги