Палўанларымыз Азия чемпионы болды

Алдын хабар бергенимиздей, Россия федерациясының Чуваш Республикасы Новочебоксарск қаласында спорттың Белбеўли гүрес түри бойынша ересеклер арасында Жәҳән кубоги ҳәм Азия чемпионаты болып өтпекте.
Бул жарысқа Өзбекстан сайланды командасы қурамында республикамыз спортшылары табыслы түрде қатнаспақта.
Атап айтқанда, жәҳән кубоги жарысында 52 кг салмақта Барно Қалмуратова гүмис, 58 кг салмакта Земфира Азатова қола медалын жеңип алған болса, Азия чемпионатында республикамыз палўанларынан 57 кг салмақта Жанарыс Шынбатыров, 52 кг да Мөлдир Алимбаева ҳәм 58 кг да Шахло Қалмуратовалар алтын, 62 кг да Ринат Муратбаев қола медальларына ылайық деп табылды.

Солай етип, республикамыз палўанлары жәҳән кубоги беллесиўлеринде 1 гүмис ҳәм 1 қола, Азия чемпионатында 3 алтын ҳәм 1 қола медальларын қолға киргизип, Өзбекстан сайланды командасының жеңисине өзлериниң салмақлы үлесин қосты.
Жеңимпаз спортшыларды бул жарысқа Бөкенбай Сәдўақасов таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы