Сапасыз хызмет ҳәм жуўапкершилик

Тутыныўшы сатып алып атырған товар (жумыс, хызмет), оны ислеп шығарыўшы ҳаққында исенимли ҳәм толық мағлыўмат алыў, товарды еркин таңлаў, оның сапалы болыўын, сатыўшы тәрепинен жеткерилген зыянның қапланыўын талап етиў, бузылған ҳуқықларын тиклеў бойынша тийисли уйымларға ямаса судқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе.
Мәселен, Өзбекстан Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясына пуқарадан келген мүрәжатқа бола, қуяш панельлери орнатылып атырған ўақытта зыянланған ҳәм орнына жаңасы орнатылғаннан соң, улыўмалық қуяш панельлеринде насазлық жүзеге келип, система ислемей қалған. “М.С.Е” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен өз ўақтында сервис хызмети көрсетилмей, жумыс кешиктирилген.
Мүрәжат белгиленген тәртипте Нөкис қалалық Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетиниң қәнигелери тәрепинен үйренилди. Пуқара Н.Қ. ҳәм “М.С.Е” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен дүзилген шәртнама тийкарында орнатылған 9 миллион сумлық қуяш панельлери насазлығы сапластырылып, оңлап берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги