Орайлық банк кредит шәртнамалары шәртлери бойынша коммерциялық банклерди ескертти

123

Шәртнаманыӊ шәртлери нызамшылыққа муўапық болыўы керек.

Кейинги ўақытларда айырым банклер тәрепинен кредит шәртнамаларына тутыныўшылардың ҳуқықларын шеклеўши шәртлер киргизилип атырғаны бақланбақта.

Орайлық банк бул әмелиятларды нызамшылыққа қайшы жағдай сыпатында баҳалайды ҳәм бундай шәртлердиң бийкар етилиўи, сондай-ақ, кредит қайтарыў кестесиндеги өзгерислер ҳаққында банклер тәрепинен қарыйдарларға өз ўақтында толық мағлыўмат берилиўи зәрүр деп есаплайды.

“Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында”ғы нызамның 66-статьясына муўапық, көрсетилетуғын банк хызметлериниң шәртлери ҳәм баҳасы ҳаққындағы мәлимлемени қарыйдарға усыныўдан бас тартыўға жол қойылмайтуғыны, банклер кредит бериў қандай шәртлер тийкарында әмелге асырылып атырғаны ҳаққында қарыйдарға мәлимлеме бериўи керек екенлиги белгиленген.

Сондай-ақ, “Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы нызамның 6-статьясында орынлаўшы тутыныўшыға өзи реализациялап атырған хызметлер ҳаққында өз ўақтында зәрүр, дурыс ҳәм түсиникли мағлыўмат бериўи шәрт екенлиги, 21-статьясында болса шәртнаманың тутыныўшының ҳуқықларын шеклеп қоятуғын талаплары ҳақыйқый емес деп есапланатуғыны атап өтилген.

“Банк хызметлери тутыныўшылары менен өз-ара қатнасықларды әмелге асырыўда коммерциялық банклердиң жумысына қойылатуғын минимал талаплар ҳаққында”ғы режениң 121-бәнтине тийкарланып банк тутыныўшыға банк хызметин көрсетиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылған күнде шәртнаманың бир түп нусқасын усыныўы керек.

Атап өтиў керек, кредитти қайтарыў кестеси кредит шәртнамасының ажыралмас бөлеги болып есапланады ҳәм қарыздар ушын әҳмийетли болған мағлыўматларды – кредит қалдығы, тийкарғы қарыз ҳәм процент бойынша төлем муғдарлары ҳәм оларды әмелге асырыў сәнелерин өз ишине алады.

Соның менен бирге, кредитти қайтарыў кестесиндеги өзгерислер – бул кредит шәртлериниң ажыралмас бөлеги болып есапланады.

Бунда, тутыныўшыға кредитти қайтарыў кестеси жаңадан рәсмийлестирип берилмеўи қарыздар төлем муғдары ҳәм сәнеси ҳаққында хабардар болмаўы нәтийжесинде қарыздарлықты өз ўақтында ҳәм толық төлемеў қәўип-қәтерлери жүзеге келиўи, бул болса артықша процентлер есапланыўына, жәриймалар қолланылыўына, кредит тарийхы унамсыз тәрепке өзгериўине, сондай-ақ, банк ҳәм қарыз алыўшы арасында келиспеўшиликлер келип шығыўына себеп болыўы мүмкин.

Жоқарыда атап өтилген нызамшылық талабына бола, кредит шәртнамасының бир нусқасын қарыздарға бериў – бул банктиң миннетлемеси. Сол себепли, тутыныўшының сораўына қарамастан тутыныўшы ушын әҳмийетли болған мағлыўматлар (кредит қалдығы, төлемди әмелге асырыў сәнеси, тийкарғы ҳәм процент қарызы бойынша төлем муғдарлары) көрсетилген кредитти қайтарыўдың актуал кестеси банклер тәрепинен усынылыўы тәмийинлениўи зәрүр.

Орайлық банк коммерциялық банклер кредит шәртнамасын дүзиўде үстинлик күшине ийе болып, кредит шәртнамаларына жуўапкершиликти өзинен алып, тутыныўшыға жүклеген ҳалда тутыныўшылардың ҳуқықларын шеклеўши шәртлердиң (талаплардың) киргизилиўин нызамшылық талапларына қайшы деп есаплайды.

Усы мүнәсибет пенен барлық коммерциялық банклерден: кредит шәртнамаларына бундай шәртлерди киргизиў әмелиятын тоқтатыў ҳәм алдын дүзилген кредит шәртнамаларына бундай шәртти бийкар етиўге байланыслы өзгерис киргизиў арқалы сапластырыўды; кредитти қайтарыў кестесинде кредит қалдығы, төлемди әмелге асырыў сәнеси, тийкарғы ҳәм процент қарызы бойынша төлем муғдарларына байланыслы ҳәр қандай өзгерислер болған жағдайда, банк қарыздарға жаңаланған кестени усыныўды тәмийинлеў талап етиледи.

Ш.Маматуропова, ӨзА