Жоқары дәрежедеги сөйлесиў: регионаллық турақлылық ҳәм раўажланыў жолында

107

Мүнәсибет

Көп мың жыллық беккем тамырларға ийе Өзбекстан – Әзербайжан арасындағы өз-ара қатнасық улыўмалық тарийхқа, бир динге, миллий, мәдений ҳәм руўхый қәдириятлардың уқсаслығына, тил ҳәм этникалық уқсаслыққа тийкарланады. Еки халықтың мәденияты, тили, дәстүрлери бир-бирине соншелли жақын мине, усы тәреплер мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етпекте.

Әзербайжан – мәмлекетимиздиң Қубла Кавказдағы стратегиялық шериги ҳәм туўысқан ел болып есапланады. Өзбекстан ҳәм Әзербайжан әййемги ҳәм жаңа тарийхта бәрқулла тығыз бирге ислесиў алып барған болып, дослық қатнасықларын сақлап келмекте. Өзбекстанның халықаралық бирге ислесиўшилери арасында Әзербайжанның айрықша орны бар екенлиги мәмлекетлеримиз арасындағы жоқары ҳәм басқа да дәрежедеги жедел сөйлесиўден дәрек береди.

Усы жылдың 6-7-октябрь күнлери Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Әзербайжанға әмелий сапары регионаллық бирге ислесиў ҳәм экономикалық интеграцияда жаңа бетлер ашыўға қаратылған әҳмийетли ўақыя сыпатында баҳаланбақта.

Бул сапар етиў еки мәмлекет арасындағы қатнасықларды буннан былай да беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, регионда турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде стратегиялық әҳмийетке ийе.

Өз-ара қатнасықлардың жаңа басқышы мәмлекет басшыларының өз-ара сапарлары, сиясий, экономикалық ҳәм мәдений байланыслардың жедел раўажланыўында сәўлеленбекте.

Биринши мәрте Ташкент қаласы “Гардашлық” әзербайжан миллий мәдений орайы сыпатында 1989-жылы шөлкемлестирилген структураға кейин ала Самарқанд ҳәм Бухарадағы бөлимлер қосылды.

2003-жылға келип, усы жәмәәтлер негизинде Республикалық Әзербайжан миллий мәдений орайы дүзилди. Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы қатнасықлар тарийхый, мәдений ҳәм стратегиялық жақтан үлкен әҳмийетке ийе. Еки мәмлекет халықларын уқсас миллий үрп-әдет, дәстүрлер, мәденият ҳәм дин, еки тәреплеме байланыслардың бай тарийхы және регионаллық бирге ислесиўдеги улыўмалық мәплер бирлестиреди. Әзербайжан менен қатнасықлардың әҳмийетинен келип шығып, еки мәмлекет арасындағы өз-ара исеним ҳәм дослық қатнасықларына 2024-жылы өткерилген Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилисиниң жуўмағы бойынша Аўқамласлық дәрежеси берилип, бул еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың ең жоқары дәрежеси болып есапланады.

Мағлыўмат орнында соңғы сегиз жыл ишинде мәмлекетлеримиз арасында өз-ара товар алмасыў көлеми 7,8 есеге артып, 2024-жыл 253 миллион долларды қурады. Бул көрсеткишти 1 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.

Соның ишинде, Президент Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен дос халықларымыз арасындағы беккем дослықтың белгиси сыпатында 2023-жылы Физулий қаласында Мырза Улығбек атындағы заманагөй мектеп қурылды. Әзербайжан халқы бул исти мәмлекетимиз жетекшисиниң аймақта социаллық-экономикалық инфраструктураны тиклеў жолындағы уллы ҳәрекети сыпатында жоқары тән алды.

Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжанға сапары даўамында Габала қаласында болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммитинде қатнасып, шөлкемниң келешеги ушын үлкен әҳмийетке ийе басламаларды алға қойды. Бул басламалар ҳәр тәреплеме ойланғаны, шөлкемге ағза мәмлекетлердиң имканиятлары ҳәм талапларын қамтып алғаны менен итибарға ылайық болып, оларды бүгинги глобал геосиясий машқалаларға қарсы биргеликте ҳәрекет етиў бағдарламасы сыпатында баҳалаў мүмкин.

Мәденият, руўхыйлық, илим, билимлендириў ҳәм экономикалық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған Түркий мәмлекетлерди 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы, “Мәңги дослық ҳәм туўысқанлық шәртнамасы” және экономикалық шериклик бойынша Турақлы кеңести шөлкемлестириў идеялары алға қойылды. Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Түркий инвестиция қорының жумысын кеңейтиў, жасалма интеллект ҳәм креатив экономика бойынша “жол картасы”н қабыл етиў және Өзбекстанда Түркий дүнья халықаралық көргизбесин өткериў режелестирилип атырғанын мәлим етти.

Президентимиз билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратып атырған мәмлекет сыпатында Өзбекстанда Түркий мәмлекетлер халықаралық университетиниң шөлкемлестирилетуғынын мәлим етти. Бул билимлендириў орайы жаслардың илимий потенциалын бирлестиреди. Келешекке өз-ара жақын, дос, пикирлес сыпатында бирдей күш сыпатында илгерилеў имканиятын береди.

Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы көп қырлы ҳәм нәтийжели байланыслар, саммитте билдирилген усыныс ҳәм басламалар ТМШ мәмлекетлери арасында сиясий, экономикалық, экологиялық ҳәм мәдений бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Гулжан Халмуратова,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты,

ӨзЛиДеП фракциясы ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги