Тынышлық бойынша Нобель сыйлығының лауреаты анықланды

Венесуэлалы сиясатшы Мария Корина Мачадо тынышлық бойынша Нобель сыйлығын алды, деп хабар бермекте “Euronews” басылымы.
Мәлим етилиўинше, ол Венесуэла халқы ушын “демократиялық ҳуқықларды үгит-нәсиятлаўдағы тынымсыз мийнети ҳәм диктатурадан демократияға әдил ҳәм тыныш өтиўге ерисиў жолындағы гүреси ушын” сыйлықланды.

– Венесуэладағы демократия ҳәрекетиниң жетекшиси Мария Корина Мачадо Латын Америкасында соңғы ўақытлардағы пуқаралық мәртликтиң ең әжайып үлгилеринен бири болып есапланады, – делинеди Нобель комитетиниң билдириўинде.
Сыйлықты тапсырыў мәресими 10-декабрь күни болып өтеди.
Алдын, медицина, физика, химия ҳәм әдебият бағдарларында 2025-жылғы Нобель сыйлығының лауреатлары ҳаққында мағлыўмат берген едик.
Ө.Алимов, ӨзА