Газа бойынша келисим (+видео)

ҲАМАС Израиллы гиреўдегилерди азат етеди, Израиль Қураллы күшлери болса келисилген аймаққа шегинеди. Тынышлық келисиминиң бул биринши басқышын ҲАМАС ҳәм Израиль ўәкиллери мақуллады. Бул ҳаққында АҚШ Президенти Дональд Трамп төмендегише баянат берди:
– Бул нени аңлатады? Барлық гиреўдегилер тез арада азат етиледи, Израиль армиясын келисилген сызыққа шекем алып кетеди. Турақлы, исенимли ҳәм мәңги тынышлыққа қарай дәслепки қәдем тасланды. Барлық тәреплерге әдил мүнәсибетте болынады.
Ол өз баянатында Қатар, Египет ҳәм Түркия сыяқлы медиаторларға АҚШ пенен биргеликте бул “тарийхый ўақыя”ға ерисилгени ушын миннетдаршылық билдирди.
Трамп Ақ үйдеги баспасөз конференциясында келисимге қол қойыў процесинде қатнасыў ушын Жақын Шығысқа баратуғынын мәлим еткен. Газа бойынша келисимди Израиль, ҲАМАС ҳәм Қатар ўәкиллери де тастыйықлаған. Бас министр Биньямин Нетаньяху социаллық тармақ арқалы 9-октябрь күни ҳүкимет мәжилисин шақырып, услап турылған тутқынларды ўатанына қайтарыў ҳәм келисимди ратификациялаў нийетин билдирди.
“Reuters” агентлигиниң хабар бериўинше, ҲАМАС та Израиль менен келисим дүзилгенин тасыйықлаған. Қатар Сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий ўәкили Мажид Ал-Ансорий соицаллық тармақта усындай деп жазды:
– Медиаторлар бүгин кеште Газада оқ атыўды тоқтатыў бойынша келисим шәрти ҳәм орынлаў механизми бойынша келисимди жәриялайды. Бул урысты тоқтатыў, израиллы гиреўдегилер ҳәм палестиналы тутқынларды азат етиў және гуманитарлық жәрдем жеткериў имканиятын береди.
БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш социаллық тармақта Израиль ҳәм ХАМАС арасындағы келисимди қоллап-қуўатлап, Жақын Шығыста тынышлыққа қарай қәдем тасланғанын тән алды:
– Мәпдар тәреплерди белгиленген шәртке қатаң әмел етиўге шақырамыз. Барлық гиреўдегилер азат етилиўи керек. Тийкарғы мақсет – оқ атыўды пүткиллей тоқтатыў. Әскерий ҳәрекетти тамамлаў. БМШ келисимниң орынланыўын қоллап-қуўатлайды, Газа секторына гуманитарлық жәрдем жеткерип бериў көлемин арттырады. Соның менен бирге, ҳәзирдиң өзинде ҳеш қандай тосқынлықсыз гуманитарлық жүк, зәрүр коммерциялық өнимлер алып кирилиўин тәмийинлеў керек. Пурсаттан пайдаланып, Палестина халқының өз тәғдирине ийелик етиў ҳуқықын тән алатуғын, исенимли сиясий шешим, яғный еки мәмлекетлик жолды белгилеў зәрүр. Сонда ғана израиллылар ҳәм палестинлылар тыныш, қәўипсиз турмыс кеширеди.
Кенжа Бекжонов, Анвархўжа Аҳмедов, ӨзА