Илон Маск “Грокипедия” – Википедияға альтернатив платформаны жәриялады

147

Технология әлеминиң белгили исбилермени Илон Маск “Википедия”ға бәсекилес болыўы күтилип атырған “Грокипедия” атлы жаңа онлайн энциклопедияны усынды. Маск бул жойбар ҳаққында өзиниң Х (бурынғы Тwиттер) бетинде жәриялады. Оған бола, бета-версия еки ҳәпте ишинде иске түседи.

“Грокипедия” – Грок жасалма интеллект платформасы тийкарында ислейди ҳәм пайдаланыўшыларға еркин, цензурасыз контент усыныўды мақсет етеди. Маск бул энциклопедияны “әмелдеги альтернативлерден әдеўир жақсы” деп тәрийпледи.

Илон Маск алдынырақ Википедия тийкарын салыўшыларды сиясий тәрепдарлықта айыплап, ҳәттеки оны “Дицкипедиа” деп атаў ушын 1 миллиард доллар усыныс еткен еди.

Жаңа платформа “ҳақыйқатлық энциклопедиясы” болыўды гөзлейди – яғный, жасалма интеллект жәрдеминде текстлер фактологиялық талқыланады, олардың дурыслығы баҳаланады ҳәм “дурыс”, “айырым тәреплери дурыс” ямаса “надурыс” белгиси менен белгилениўи мүмкин болады.

Ҳәзирги ўақытта, “Грокипедия” қалай ислеўи, оны кимлер редакторлай алыўы ҳәм контент сиясаты қандай болыўы ҳаққында толық мағлыўматлар ашып берилмеген.

 

Мадинабону Насриева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА