Тараў қәнигелериниң қатнасыўында ушырасыў өткерилди

117

Елимизде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде, жергиликли атқарыўшы уйымларда коррупция иллетине қарсы гүресиў мәселесине айрықша итибар қаратып келинбекте.

Быйылғы жылдың 19-сентябринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында пуқаралық жәмийети институтларының қатнасын және де кеңейтиў ҳәм илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған бола, коррупциялық қәўиплерди анықлаў, баҳалаў ҳәм оларды азайтыў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында усы мәселеге бағышланған илаж болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинен, прокуратурасынан, Ишки ислер министрлигинен қәнигелер, филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

– Филиалымыздағы хызметкерлердиң ҳуқықый билимин, коррупцияға қарсы иммунитетин арттырыўға қаратылған илажларды өткериў, системада жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде,  ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери қатнасыўында «Биз коррупцияға қарсымыз», «Бизиң филиалда коррупцияға орын жоқ», «Коррупцияға биргеликте гүресемиз» сыяқлы темаларда дөгерек сәўбетлери ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте, – дейди филиал директоры Б.Еримбетов. –  Бүгинги күни студентлердиң билимин қадағалаў ҳәм баҳалаў процесслериниң ашық-айдын әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде имтиханларға турақлы түрде жәмийетшилик ўәкиллери тартылып, имтихан нәтийжелери онлайн түрде жәрияланыўы жолға қойылмақта.   

Сондай-ақ, илажда филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жасларға коррупциялық жағдайлардың гүўасы болғанда қай жерге мүрәжат етиў кереклиги, исеним номерлери, мағлыўмат берген шахстың сыр сақланыўы кепилленетуғыны ҳаққында толық мағлыўматлар берилди. Қатнасыўшылар бул бағдарда өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли тараў қәнигелеринен жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги