Зыянлы ләззет артындағы қәўип

Дүнья бойлап тез таярланатуғын, газли ҳәм энергетикалық ишимликлерди пайдаланыў күннен-күнге артып бармақта. Фастфуд ҳәм газли ишимликлер мазалы дәм ҳәм тойымлылыққа ийе болып, жаслар ҳәм тығыз күн тәртибине ийе адамлардың аўқат рационында сүйиклисине айланған. Бирақ, бул өнимлердиң денсаўлық ушын зыяны илимий жақтан дәлилленген.
Тез таярланатуғын аўқатлар көп муғдарда калория, тойынбаған майлар, дуз ҳәм қант, сондай-ақ, аз муғдарда витаминлер ҳәм минералларды өз ишине алады. Бул болса, семизлик, жүрек кеселликлери, жоқары қан басымы, диабет ҳәм ас сиңириў машқалалары сыяқлы аўыр кеселликлерге алып келиўи мүмкин.
Айырым изертлеўлер фастфуд жеў мийдиң сезимлерге жуўап беретуғын бөлимине тәсир етип, депрессия белгилерин келтирип шығарыўы мүмкин екенлигин көрсетеди. Оннан қалаберсе, көп муғдарда дузланған ҳәм қайта исленген өнимлер бүйрек ҳәм баўырдың жумысына унамсыз тәсир етеди.
Газли ишимликлер турақлы пайдаланғанда семизлик, қантлы диабет, тис кеселликлери, остеопороз (сүйеклердиң ҳәлсиреўи) сыяқлы денсаўлыққа унамсыз тәсир көрсетеди. Себеби олар көбинесе көп муғдарда қант сақлайды. Қант муғдарының көплиги қандағы қант муғдарын көтерип, қантлы диабеттиӊ раўажланыў қәўпин арттырады. Айырым изертлеўлер газли ишимликлер сүйеклердиң ҳәлсиреўине, яғный, остеопороз жағдайына алып келиўи мүмкинлигин көрсетеди. Буннан тысқары, тис эмалының морт болыўы ҳәм жемирилиўине де тәсир көрсетеди.
Бундай өнимлердиң өтимлилигине тийкарғы себеп, қаланың халық көп жасайтуғын қолайлы локацияларында фастфуд аўқатланыў орынларының шөлкемлестирилгени, баҳалар да миллий ҳәм сырт ел тағамларына салыстырғанда төменлиги болып есапланады. Буннан тысқары, газли ишимликлер ҳәм тез таярланатуғын тағамлардың қурамындағы ингредиентлер адам ушын жүдә мазалы ҳәм оларды қайта-қайта алыўға мәжбүрлейди. Бунда инсанда үйренип қалыў сезими пайда болады.
Ҳәзирги ўақытта тармақларда белгили моделлер, блогерлер ҳәм диетологлар “қумшекерсиз күн”, “Фастфудтан пайдаланыўды шеклең!” сүренлери астында үгит-нәсият жумысларын әмелге асырмақта. Бул ҳәрекетлер де белгили дәрежеде өз нәтийжесин беретуғынына ҳәм инсанлар арасында саламат аўқатланыў пайда болыўы ушын жәрдем беретуғынына исенемиз.
Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзА