Социаллық тармақлар жаслар ушын имканият есиги ме ямаса иллет дозағы ма?

Бүгин интернет ҳәр бир шаңарақта бар. Ол илимий мағлыўматлар, жаңалықлар ҳәм тәжирийбелер алмасыў майданы болыўы керек. Бирақ, тилекке қарсы, айырым жаслар ушын ол руўхыйлықты зәҳәрлеп атырған иллет дәрегине айланбақта.
Интернет – билим дереги ме ямаса иллет қамақханасы ма?
Балалар ойынларынан ибарат балалық күнлери енди телефон экранларына алмастырылған. Бурынлары “Ақ терек пе, көк терек?,” “Қуўыспақ,” “Арқанда секириў” сыяқлы ойынлар балалар турмысының ажыралмас бөлеги болған болса, бүгин смартфон олардың ермегине айланды.
Гейде, “Гейде, бир күн болса да, барлық телефонлар ислемей қалса, биз де сол қызықлы ойынларды ойнасақ,” -дейтуғын жасларды еситемиз. Бул қатарларда ашшы ҳақыйқат жатады.
“Тек бир мәрте көремен” деген бала енди өзин тоқтата алмайды
Психологлардың атап өтиўинше, әдепсиз контентти тосаттан көрген ҳәр қандай жас мийинде “тәшиўиш импульсы” пайда болады. Бул импульс дофамин гормонын жеделлестирип, мийде қайта-қайта сол контентти излеў тилегин оятады.
Нәтийжеде жаслар әдепсизликти әпиўайы жағдай деп қабыл ете баслайды. Бул – руўхый кризистиң басланыўы. Мий буны “тынышлық” деп қабыл етсе, кеўил “уят”ты умытады, деп айтыў мүмкин.
Лайклар ҳәм бақлаўшылар артындағы апатшылық
Ҳәзирги күнде социаллық тармақларда абырай-билим ямаса мийнет пенен емес, “лайк” ҳәм бақлаўшылар саны менен өлшенбекте. Бул болса жаслар санасында жасалма нормалардың қәлиплесиўине алып келмекте.
Қызлар өз тартымлылығын “әўмет” деп билсе, жигитлер ҳаялды “контент объекти” сыпатында көриўди үйренбекте. Бундай жалған нормалар тек ғана интернетте емес, ал турмыслық қатнасықларда да әдеп-икрамлылық дағдарысын келтирип шығармақта.
Әдепсиз контент инсанда стресс ҳәм депрессияны күшейтеди, өмирге қызығыўшылықты сөндиреди, жәмийеттен ажыралыў жағдайын келтирип шығарады. Ең қәўипли тәрепи, уятсызлық инсанды сезимсизлик ҳәм ҳүрметсизликке үйретеди. Бул болса, жәмийеттиң мәнаўияты ушын ең үлкен қәўип.
Жаслар арасында өткерилген сораўнамаға бола, 726 қатнасыўшыдан 70 проценти күнине еки сааттан аслам ўақтын социаллық тармақларда өткеретуғынын билдирген. Бул жылына орташа 46 күн дегени. Демек, инсан өмириниң 60 жылынан кеминде 7,5 жылы экран алдында өтеди.
Айырым жаслар болса, ҳәр күни 5-10 саат ўақтын тек ғана интернетте жумсап атырғанын жасырмайды. Бул санлар интернет пайдаланыўшысы тек ўақтын емес, ал дыққатын ҳәм руўхый турақлылығын да жоғалтып атырғанын көрсетеди.
500 жас қатнасқан басқа сораўда болса, олардың 72 проценти “әдепсиз видеоларды тосаттан алдым,” 38 проценти “оларды қайта излеўди басладым,” 15 проценти “бул жағдай руўхый саламатлығына тәсир еткенин” айтқан.
Бул санлар интернет тек ғана әдеп-икрамлылық емес, ал, руўхый тараўда да сезилерли тәсир дәрежесинде екенин көрсетеди.
Мәмлекет ҳәм билимлендириў системасының роли
Санлы технологиялар министрлиги пуқараларды унамсыз контенттен қорғаў бойынша ҳуқықый механизмлерге ийе.
Әмелдеги Министрлер Кабинетиниң “Пүткил жер жүзилик Интернет тармағында мәлимлеме қәўипсизлигин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 707-санлы қарарына муўапық, қадаған етилген мәлимлеме дәреклери арнаўлы реестр арқалы шекленеди. Соның менен бирге, жоқары билимлендириў мәкемелеринде медиа саўатлылық ҳәм мәлимлеме гигиенасы сабақларын енгизиў, психологиялық хызметлер ҳәм медиа додалаў клубларын шөлкемлестириў де үлкен әҳмийетке ийе.
“Социаллық тармақлар әдеп-икрамлылық кодекси” зәрүрлиги
Интернет майданында ҳәр бир инсанның еркинлиги болса да, оның руўхый шегарасы болыўы шәрт. Сонлықтан, социаллық тармақларда пайдаланыўшылар ушын өз алдына “Әдеп-икрамлылық кодекси”н ислеп шығыў ўақты келди.
Бул кодекс тек ғана шеклеўши ҳүжжет емес, ал, мәлимлеме мәдениятын қәлиплестириўши миллий бағдарлама сыпатында хызмет етиўи керек.
Жуўмақ орнында айтыў керек, социаллық тармақлар жаслар ушын имканият есиги ме ямаса иллет дозағы ма – оны ҳәр ким саналы түрде шешеди. Интернетте “мәлимлеме еркинлиги” менен “әдеп-икрамлылық еркинлиги”н алжастырмаў – XXI әсир жасының тийкарғы ўазыйпасы. Руўхыйлықты сақлаў ушын шеклеў емес, жуўапкершилик керек. Мәлимлеме ағымы толы заманда руўхый саламатлық ҳәм миллий қәдириятларды қорғаў – бүгин ҳәр биримиз ушын ең үлкен сынақ.
ӨзА