БМШ Бас хаткери Израиль ҳәм ҲАМАС келисимин қоллап-қуўатлады

109

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш Израиль ҳәм ҲАМАС арасындағы тынышлық келисимин қоллап-қуўатлап, шөлкем тәреплерди қоллап-қуўатлаў ҳәм гуманитарлық жәрдемди көбейтиўге таяр екенин билдирди.

Алдынырақ АҚШ Президенти Дональд Трамп тийисли режениң биринши басқышын әмелге асырыў нийетине ерисилгенин мәлим еткен еди. Келисимге бола, Палестина ҳәрекети гиреўге алынғанларды азат етеди, Израиль болса әскерлерин аймақтан толық алып шығады.

– Трамп тәрепинен алға қойылған усыныс тийкарында Газада оқ атыўды тоқтатыў ҳәм гиреўге алынғанларды азат етиў бойынша келисим жәрияланыўын қоллап-қуўатлайман, – деди Гутерриш. – БМШ келисим шәртиниң толық орынланыўы, гуманитарлық жәрдем көбейтилиўи ҳәм Газаны қайта қурыў басланыўын қоллап-қуўатлайды. Барлық мәпдар тәреплерди басқыншылықты сапластырыў, Палестина халқының өз тәғдирин өзи белгилеў ҳуқықын тән алыў, израиллы ҳәм палестиналыларға тыныш, қәўипсиз жасаў имканиятын беретуғын еки мәмлекет шешимине ерисиў жолында исенимли сиясий система жаратыў ушын бул имканияттан пайдаланыўға шақыраман. Бул бойынша мәплер ҳәр қашанғыдан да жоқары.

С.Раҳимов, ӨзА