Қарақалпақтың биринши ҳаял композиторы 80 жаста

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының халық билимлендириў ағласы, устаз Абадан Сапарованың 80 жыллық юбилейи мүнәсибети менен әдебий саз-сәўбетли кеше болып өтти. Онда жазыўшы-шайырлар, мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ўәкиллери, шаңарақ ағзалары ҳәм шәкиртлери қатнасты.
Кешеде юбилей мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы М.Атамуратов ҳәм Министрлер Кеңесиниң Туризм, мәденият, мәдений мийрас ҳәм ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша секретариат баслығы З.Өмирбеков Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қутлықлаўларды тапсырды. Кеше даўамында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер ғайраткерлери, композиторлар, Қарақалпақстан халық шайырлары, уйымлардың, фонд ҳәм театрлардың басшылары шығып сөйлеп, устаздың дөретиўшилик мийнетлерине жоқары баҳа берди.
Қарақалпақ халқының туңғыш ҳаял скрипкашысы, дәслепки ҳаял композитор А.Сапарова 50 ден аслам қосыққа музыка жазды. Оның Ш. Мәмбетмуратовтың сөзине жазылған «Пал ҳәрреси яңлы изледим сени», С.Дәўлеталиевтың сөзине жазылған «Ушырасыў» сыяқлы намалары халқымыздың сүйикли қосықларына айланды. Соның менен бирге, «Қызларымды қызғанаман», «Қайыл ана», «Шыпакерлер» сыяқлы қосықлары халық арасында кеңнен танылды.
Узақ жыллар даўамында А.Сапарова музыка тараўында устазлық ҳәм дөретиўшилик хызмет атқарды. Ол Нөкис музыка мектеби ҳәм бир неше мәдений мәкемелердиң басшысы, Қарақалпақстан композиторлар аўқамының жуўаплы хаткери болып иследи. 2001-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы «Алтын мийрас» қорының Қарақалпақстан бөлимин басқарып келмекте.
1994-жылы Алмата қаласында өткерилген «Түркий тиллес халықлардың музыкалары» халықаралық симпозиумға басшылық етти. 1997-жылы Германияның Бонн, Мюнхен, Кельн, Франкфурт қалаларында өткерилген конференциялар менен фестивальларда халқымыздың бай фольклорын, жыраўлық дәстүрин сырт еллерге таныстырды.
Илажда А.Сапароваға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Мурат Атамуратов миллий мәдений мийрасымызды қәстерлеп сақлаў, үгит-нәсиятлаў жолындағы нәтийжели мийнетлери ушын «Алтын мийрас» халықаралық қайырқомлық жәмийетлик фондынының «Олтин мерос» медалын салтанатлы түрде тапсырды.

Илаж даўамында А.Сапарованың намаларына жазылған қосықлар Өзбекстан, Қарақалпақстан, Татарстан халық артисти Т.Дошумова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти М.Сапаева, Р.Қутекеева ҳәм басқалар атқарыўында қатнасыўшылардың итибарына усынылды.
Сондай-ақ, Хожели районы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары таярлап келген қосық қатарлары, музыка мектеплериниң жас бақсы жигит-қызларының дуўтар сазлары кешениң және де көтериңки руўхта өтиўин тәмийинледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги