Өзбекстанның жасалма интеллект тараўындағы басламалары халықаралық майданға да шықпақта (+видео)

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 80-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинен алынған.
Президент Шавкат Мирзиёев: Мәмлекетлер арасында санлы раўажланыў ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыўда теңсизликтиң алдын алыў оғада әҳмийетли. Денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында жасалма интеллекттиң әмелий шешимлери ҳәм моделлерин бийғәрез алмасыўға қаратылған Халықаралық бирге ислесиў механизмин жаратыўды усыныс етемиз.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, 2024-жыл 30-августта Президент пәрманы менен “Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы” тастыйықланды. Бул ҳүжжет социаллық тараў ҳәм экономика тармақларында жасалма интеллект технологияларын кеңнен енгизиў ушын ҳуқықый, технологиялық ҳәм экономикалық шараятларды жаратыўды нәзерде тутады.
Президент қарарына муўапық, 2025-жылдан баслап Өзбекстан улыўма билим бериў мектеплериниң жоқары классларында “Жасалма интеллект” пәни өз алдына пән сыпатында оқытылады. Бул бағдарлама Жаңа Өзбекстан университети ҳәм Massachuset технология институты қәнигелери менен биргеликте ислеп шығылған.
Буннан тысқары, UNICEF пенен биргеликте “Eduten” санлы платформасы сынақтан өткерилди. Нәтийжеде оқыўшылардың математика пәниндеги көрсеткишлери 16,9 процентке артқаны атап өтилген.
Денсаўлықты сақлаўда да бир қатар басламалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, электрон рецепт системасы иске қосылып, дәрилердиң маркировкасы, оларды қадағалаў ҳәм наўқасларға қолайлық жаратыў жолға қойылды. Сондай-ақ, жасалма интеллект тийкарында диагноз қойыў ҳәм медициналық мағлыўматларды таллаў жойбарлары сынақтан өткерилмекте.
Жасалма интеллект тараўындағы ишки реформалар менен бир қатарда, Өзбекстан халықаралық бирге ислесиўди де кеңейтпекте. 2025-жыл 29-май күни Өзбекстан ҳәм Қазақстан балалар рак кеселлигин үйрениў бойынша халықаралық академиялық орай шөлкемлестириўге келисип алды. Бул орай диагностика, илимий изертлеўлер ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша әҳмийетли бирге ислесиў платформасына айланыўы күтилмекте.
Халықаралық шерикликтиң және бир бағдары Япония менен байланыслы. Атап айтқанда, JICA (Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги) менен билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, инсан ресурсларын раўажландырыў, қәнигелескен медициналық орайлар ҳәм кәсип-өнер билимлендириўи сыяқлы тараўларда биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.
ӨзА