Шеберлик ҳәм мийнет нәтийжеси – спортшылар жеңиске еристи
130

Ташкент қаласында қылышласыў спортының шпага түри бойынша ересеклер арасында Өзбекстан кубоги болып өтти.
Онда республикамыз спортшылары да табыслы қатнсып, жақсы нәтийжелерди қолға киргизиўге миясар болды. Атап айтқанда ерлер арасында жас спортшымыз Қоблан Камалов сыйлы үшинши орынды ийелеген болса, қызлар арасындағы беллесиўлерде елимизге белгили спортшы Дилназ Мурзатаева барлық қарсыласларын жеңип, алтын медаль ийесине айланды.

Жеңимпаз спортшыларды жарысқа Жақсымурат Бекмуратов таярлады.
Ертең сабля бойынша жарысларға старт бериледи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы