Кикбоксинг бойынша жәҳән кубогиниң салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди

109

Пайтахтымызда жайласқан Гимнастика бойынша республикалық қәнигелестирилген олимпиада резервлери балалар-жас өспиримлер спорт мектебинде кикбоксинг бойынша жәҳән кубоги басланды.

Елимизде спортты раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжесинде дүньяның абырайлы жарысларында Ўатанымыз байрағын бәлент көтерип атырған спортшыларымыздың қатары күн сайын кеңейип, мәмлекетимиз көплеген ири спорт әнжуманларына басшылық етпекте.

Соның ишинде, Өзбекстанда спорттың барлық түрлери қатарында кикбоксингти де раўажландырыўға қаратылып атырған турақлы итибар, ҳәр қыйлы абырайлы әнжуманларды шөлкемлестириўдеги бай тәжирийбе ҳәм жаратылған кең имканиятлар есапқа алынып, Пүткил жер жүзилик кикбоксинг шөлкемлери ассоциациясы (WAKO) тәрепинен жәҳән кубогине басшылық етиў ҳуқықы екинши мәрте Ташкент қаласына берилди.

Гимнастика бойынша республикалық қәнигелестирилген олимпиада резервлери балалар-жас өспиримлер спорт мектебинде 8-октябрь күни жәҳән кубогиниң ашылыў мәресими болып өтти.

Байрамға тән безелген спорт комплекси мийманлар, спортшы ҳәм тренерлер, ықласбентлер менен толы болды. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни жаңлады.

Пүткил жер жүзилик кикбоксинг шөлкемлери ассоциациясы (WAKO), Өзбекстан спорт министрлиги, мәмлекетимиз кикбоксинг ассоциациясы тәрепинен бир қатар министрликлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген бул жәҳән кубогинде 40 мәмлекеттиң 2311 ден аслам кикбоксинг шеберлери сыйлы орынлар ушын гүреседи.

Жавоҳир Тошхўжаев,  

Алмурод Мамадаминов (сурат), ӨзА