“Гендер теңлик белсендиси” миллий таңлаўы қандай өткерилмекте?

143

Сенатта “Гендер теңлик белсендиси” миллий таңлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша Республикалық комиссияның мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте таңлаўдың район (қала), ўәлаятлар (Қарақалпақстан Республикасы) ҳәм Ташкент қаласы басқышларының нәтийжелери және республикалық басқышқа таярлық мәселелери додаланды.

Таңлаў процесслерин ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Атап өтилгениндей, усы жылдың июль-сентябрь айларында аймақларда таңлаўдың дәслепки басқышлары жоқары дәрежеде өткерилди.

Район (қала) басқышларына жәми 1 мың 460 арза келип түсти. Олардан 1 мың 118 и таңлаў режесиниң талапларына муўапық үйренилип, бир қатар номинациялар бойынша баҳаланды. Нәтийжеде 455 шөлкем таңлаўдың аймақлық басқышында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди.

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқышлары август-сентябрь айларында болып өтти. Бул басқышларда 455 шөлкемниң жумысы таңлаў режесине тийкарланып баҳаланды.

Жумысшы топарлар тәрепинен шөлкемлердиң жумысы орынларға шығып үйренилди. Нәтийжеде 82 шөлкем жеңимпаз деп табылып, таңлаўдың республикалық басқышына қатнасыў ушын усыныс етилди.

Мәжилис жуўмағында комиссия ағзалары тәрепинен аймақларда өткен таңлаў басқышы қатнасыўшыларының ҳүжжетлерин және де ҳәр тәреплеме үйрениў, реже талапларына әмел етиў жағдайын орнына шығып тексериў ўазыйпалары белгиленди.

Н.Абдураимова, ӨзА