Конор Макгрегор 18 айға спорттан шетлетилди

Бурынғы еки мәрте UFC чемпионы Конор Макгрегор антидопинг сиясатын бузғаны ушын спорттан шетлетилгени анықланды. Бул ҳаққында АҚШтың Антидопинг агентлиги (USADA)не сүйенип KAZINFORM жазбақта.
«UFC сайтында жәрияланған мағлыўматларға бола, Макгрегор 2024-жылы 12 ай ишинде үш биологиялық үлги алыў ҳәрекетин өткерип жиберген, бул қағыйдабузарлық есапланады.
UFC спортшылары олар менен байланысыў ҳәм биологиялық үлгилерди алдыннан ескертиўсиз жибериў мүмкин болыўы ушын бәрқулла анық жайласыў мағлыўматларын усыныўы керек.
Ирландиялы спортшы 2024-жыл 13-июнь, 19-сентябрь ҳәм 20-сентябрь күнлери биологиялық үлгилерин тапсырмаған.
Бирақ бурынғы чемпион жуўапкершиликти тән алып, тергеў менен толық бирге ислесиўди жолға қойған. Сонлықтан, стандарт еки жыллық дисквалификация мүддети 18 айға шекем қысқартылды. Оның дисквалификация мүддети 2024-жыл 20-сентябрьден басланып (жайласқан орны ҳаққындағы мәлимлемени усыныў тәртибин үшинши мәрте бузған күни) 2026-жыл 20-мартта тамамланады», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги