ЖПХ хызметкери қандай жағдайларда транспорт қуралын тоқтатыўы мүмкин?

198

Ҳуқықый мүнәсибет

Жол-патруль хызмети хызметкерлериниң тосаттан тоқтаўға белги берген ҳәрекетин көрип, қайсы қағыйданы бузған екенмен, деп ойлаймыз.

Ал, олар тийкарынан қайсы жағдайларда автомобильди тоқтатыў ҳуқықына ийе?

Бул ҳаққында Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети оқытыўшысы Жавоҳир Эшонқулов төмендегише түсиник берди:

– ЖПХ хызметкери тәрепинен транспорт қураллары төмендеги тийкарлар бойынша тоқтатылыўы мүмкин. Соның ишинде, айдаўшы тәрепинен жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы визуал бақлаўда анықланғанда ямаса арнаўлы қурылма жәрдеминде дизимге алынғанда, транспорт қуралы, айдаўшы ямаса жолаўшы излеўде екенлиги, жол транспорт ҳәдийсеси ямаса басқа да ҳуқықбузарлыққа байланыслы екенлиги ҳаққында мағлыўматлар бар болғанда тоқтатыўы мүмкин.

Жол транспорт ҳәдийсеси, ҳуқықбузарлық жүз бергенин көрген айдаўшы ямаса жолаўшыдан ҳәдийсе тәрепин анықластырыў зәрүрлиги жүзеге келгенде ямаса ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ямаса лаўазымлы шахслардың ҳәрекетти шеклеў ямаса қадаған етиў бойынша көрсетпелерин орынлаў процесинде де транспорт қуралы тоқтатылыўы мүмкин.

Транспорт қуралынан нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте пайдаланыў зәрүрлиги жүзеге келгенде, соның ишинде, сырт мәмлекетлердиң дипломатиялық, консуллық ўәкилханаларына ҳәм басқа да ўәкилханаларына, халықаралық шөлкемлерге тийисли болған транспорт қураллары ҳәм арнаўлы мөлшерленген транспорт қураллары буған кирмейди.

Сондай-ақ, арнаўлы илажларды өткериў процесинде транспорт қуралынан пайдаланыў ҳәм басқарыў ҳуқықын беретуғын, транспорт қуралы ҳәм алып шығылып атырған жүклерге байланыслы ҳүжжетлердиң бар екенлигин тексериў ушын арнаўлы ҳәм әскерий жүклер, бажыхана рәсмийлестириўинен өткерилип, бажыхана хызмети тәрепинен пломбаланған жүклер де буған кирмейди.

ЖПХ хызметкери тәрепинен басқа тийкарлар бойынша транспорт қуралларын тоқтатыў қадаған етиледи.

Тийкар: Жол-патруль хызмети хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз-ара қатнасықлары ҳәм арнаўлы қураллардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режениң 6-бәнти.

 

ӨзА