Жәмийетимизде аудио контенттиң әҳмийети

161

Бүгинги технология раўажланған заманда китапқа мүнәсибет те ҳәр қыйлы. Социаллық тармақлардың тийкарғы қуралы болған қысқа видеороликлер адамларда асығыслық, қызбалық сыяқлы зыянлы иллетлердиң қәлиплесиўине алып келип атырғаны ашынарлы жағдай, әлбетте.

Соның менен бирге, турақлы түрде телефоннан пайдаланатуғынлардың көриў имканиятлары кескин жаманласып атырғаны да бар гәп.

Мине, усындай жағдайларда китапқумарлар китап оқыў ушын түрли қолайлықларға мүтәжлик сезиўи тәбийғый. Соны есапқа алған ҳалда аудиокитаплардың саны артып бармақта. Тек ғана өзбек емес, ал дүнья әдебиятының ең дүрдана шығармалары да даўысландырылып атырғаны қуўанышлы жағдай. Ең әҳмийетлиси, заманагөй әдебий процесстен де үзилис болмай атыр. Китапқумарлар массасы тәрепинен жыллы күтип алынған шығармалар тез даўысландырылмақта.

Бир нәрсени айрықша атап өтиў керек. Көриў имканияты шекленген китапқумарлар, студентлер ушын да илимий-көркем әдебиятлардың аудио форматы жаратылмақта. Буның ушын ҳәр қыйлы жойбарлар ислеп шығылып, көплеген мәмлекетлик шөлкемлер, атап айтқанда, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги тәрепинен қаржыландырылмақта.

Көринип турғанындай, жәмийетимизде аудио контент жаратыўға болған талап жетерли. Соны есапқа алған ҳалда өзине тән бәсеки де жүзеге келмекте. Енди тыңлаўшылар бир китапты бир неше даўыста тыңлаў имканиятына ийе болмақта. Буның ушын бир қанша шебер дикторлар тартылып, сапа да артып бармақта.

 

Шербек Исломов, ӨзА