Жуўапкерлер терим процесслери менен жақыннан танысты

153

Гүзги жаўын-шашын басланыўы, ҳаўа-райының кескин суўытып кетиўиниң алдынан жазы бойы дийқанларымыздың тынымсыз мийнети арқасында жетистирилген пахтаны өз ўақтында сепситпей терип-жыйнап алыў әҳмийетли болмақта.

Бул жумыслар барысының нәтийжели болыўын тәмийинлеў, қадағалаў тийисли жуўапкерлерге жүкленген. Қоңырат районында да пахта терими процесслери үйренилди.

Өзбекстан фермерлери кеңесиниң бөлим баслығы М.Мухаммадиев, Қарақалпақстан фермерлери кеңеси баслығының орынбасары Ф.Беканов ҳәм басқа да жуўапкерлер тәрепинен Қоңырат районының айырым аймақларында пахта жыйнаў процесслери үйренилди.

Сапар даўамында олар Қаңлы АПЖ аймағындағы “Шавир,” Әжинияз АПЖ аймағындағы “Керимбаев Кеўлимжай” ҳәм “Джийенбаев Куандик” фермер хожалықларының пахта атызларында болып, терим процесслери менен жақыннан танысты.

Пахтаны терип-жыйнап алыў процесинде теримшилер ушын зәрүр шараятлар жаратылғаны, мийнетке ҳақы өз ўақтында төленип атырғаны және ыссы аўқат ҳәм транспорт хызмети менен тәмийинлеў жумыслары көзден өткерилди.

Сондай-ақ, теримде белсене қатнасып атырған алдынғы теримшилер хошаметленди. Жуўапкерлер бул хошаметлеў тек ғана теримшилерди хошаметлеў емес, ал пахта зүрәәтин қысқа мүддетте сапалы жыйнап алыўда да үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги