Ҳиндстанда балалар өлимине себеп болған “Coldrif” дәриси Өзбекстанда мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген

Социаллық тармақларда Ҳиндстанда дәри-дәрмақтан балалар қайтыс болғаны ҳаққында хабарлар тарқалды. Хош, Өзбекстан базарында да бул дәри-дәрмақ сатыла ма? Егер солай болса, кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде қандай оператив илажлар көрилмекте? Социаллық тармақ пайдаланыўшыларында усы сыяқлы сораўлар пайда болмақта.
Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы билдирген рәсмий мүнәсибетке бола, “Sresan Pharma” компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған “Coldrif” дәриси Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген.
“Бул жағдай бойынша Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы “Sresan Pharma” компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған “Coldrif” дәриси Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик дизимнен өткерилмегенлигин мәлим етеди.
Мағлыўмат ушын, “Дәри қураллары ҳәм фармацевтика жумысы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық, дәри қуралларының, медициналық буйымлардың ҳәм медициналық техниканың медицина әмелиятында қолланылыўына олар мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин руқсат етиледи”, делинеди рәсмий мүнәсибетте.
М.Қосимова тайёрлади, ӨзА