Халықаралық бирге ислесиў: балалардың саламатлығы ушын илажлар

95

Балаларға итибар – келешекке итибар. Шоманай районында да “Меҳирли инсанлар” фонды тәрепинен балалар ушын қолайлықлар жаратылды.

Шоманай районлық Медицина бирлеспесиниң балалар бөлиминде “Меҳирли инсанлар” фондының басламасы менен, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Халықаралық Ҳаял-қызлар гильдиясының гранты тийкарында балалар дем алыў бөлмеси ҳәм физиотерапия ханаларында киши оңлаў ҳәм безеў жумыслары әмелге асырылды.

Сондай-ақ, бул ханаларға заманагөй әсбап-үскенелер, тренажёрлар ҳәм ҳәр қыйлы ойыншықлар алып келинип, балалар ушын және де қолайлы ҳәм ықшам шараятлар жаратылды.

Район ҳәкими А.Аметов емлеўхананың балалар бөлимине барып, әмелге асырылған жумыслар менен жақыннан танысты ҳәм “Меҳирли инсанлар” фонды ўәкиллерине миннетдаршылық билдирип, балаларға арналған естелик саўғаларын тапсырды.

Әлбетте, бундай ийгиликли басламалар емлеўханада емленип атырған балалардың кейпиятын көтерип ғана қоймастан, ал олардың ишки дуньясына жыллылық бағышлап, тезирек саўалып кетиўи ушын позитив орталық жаратады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги