Қарыздарлық ушын жуўапкершилик: жер участкасы аукционда

Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы системасы хызметкерлери пуқаралардың мәплерин тәмийинлеўге қаратылған әмелий илажларды даўам еттирмекте.
Суд қарарлары ҳәм басқа ҳүжжетлер орынланыўы менен күшли. Яғный ҳүжжетлердиң орынланыўы тәмийинленген жағдайда ғана пуқаралар, юридикалық шахслар ҳәм мәмлекет пайда көреди.
МОБ баспасөз хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, бюроның Нөкис районлық бөлими тәрепинен ис жүргизиўиндеги мәмлекет пайдасына өндириўлер менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылды. Соннан салық қарыздарлығын өндириў айрықша қадағалаўға алынған. Атап айтқанда, бюроның Нөкис районлық бөлими тәрепинен бөлим ис жүргизиўинде жәми 26 миллион 800 мың сумлық қарыздарлығы болған, райондағы «Ақмаңғытлы қайшылы» фермер хожалығына тийисли, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасы бөлимниң мәмлекетлик хызметкерлери тәрепинен хатлаўға алынып, электрон онлайн-аукцион саўдаларға шығарылған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жылдың 28-мартындағы «Аўыл хожалығында жерден пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм өнимди жетистириў көлемин көбейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының 6-бәнтинде суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў процесинде өндириўши қарыздардың аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасына узақ мүддетке ижараға алыў ҳуқықына қаратылыўы белгиленген.
Бул қарарға муўапық суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда өндириўши қарыздардың аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасын узақ мүддетке ижараға алыў ҳуқықына қаратыў бойынша әпиўайыластырылған тәртип енгизилди.
Усы жылдың 30-сентябрь күни өткерилген аукцион саўдаларында қарыздарға тийисли аўыл хожалығына мөлшерленген жер 130,4 миллион сумға сатылып, сатыўдан түскен пуллар қарыздардың мәмлекетлик бюджет алдындағы қарызын қаплаўға қаратылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги