Мерц дрон ўақыясы бойынша түсиник берди

192

Германия ҳаўа аймағында анықланған ушыўшысыз қурылмалар жаўынгер емес, олар жансызлық тапсырмаларын орынлаған, деди Германия канцлери Фридрих Мерц Германияның “ARD” телеканалына берген интервьюинде.

– Бәринен бурын жәмийетшиликти исендирип айтаман, бизде қураллы дрон менен байланыслы бирде-бир ҳәдийсе ямаса әмелият болмаған, – деди ол. – Булар тек тыңшылық урыныслары ғана. Биз бул бағдарда не ислеў кереклигин жүдә жақсы билемиз.

Пийшемби күни кеште Германия ҳаўа ҳәрекетин басқарыў басқармасы келип шығыўы белгисиз болған дронлардың бир неше рет бақланыўы себепли Мюнхен аеропортында пәрўазларды бираз ўақытқа шеклеп қойды. “Билд” газетасының жазыўынша, дронлар Эрдинг аэродромындағы “инновация орайы” үстинен де ушып өткен.

Шембиге өтетуғын түнде “Reuters” мәлимлеме агентлиги Мюнхен аэропорты 24 саат ишинде екинши мәрте ушыўшысыз самолёт ҳәдийсеси себепли пәрўазларды тоқтатқанын хабарлады.

Атап өтилиўинше, екинши ўақыя 23 рейстиң басқа тәрепке өзгериўине ҳәм Мюнхенге 12 рейстиң бийкар етилиўине, сондай-ақ, аэропорттан 46 рейстиң кейинге қалдырылыўына ямаса бийкар етилиўине алып келген.

С.Раҳимов, ӨзА