Жапырақ жаққанлар қанша жәрийма төлейди?

163

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги атыз ҳәм елатлы пунктлерде жапырақлар, шөп-шарлар ямаса өсимликлердиң басқа да қалдықларын жағып жибермеў ҳаққында ескертеди.

Бундай ҳуқықбузарлықлар “Тәбиятты қорғаў ҳаққында”ғы нызамның 20-статьясы, “Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында”ғы нызамның 4, 24-статьяларының бузылыўына алып келеди.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 88-статьясы 3-бөлимине тийкарланып пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 3 есесинен 5 есесине шекем (1 млн. 236 мың сумнан 2 млн. 60 мың сумға шекем), лаўазымлы шахсларға болса – 5 есесинен 10 есесине шекем (2 млн. 60 мың сумнан 4 млн. 120 мың сумға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Буннан тысқары, ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайталанса, пуқараларға БЕМниң 5 есесинен 7 есесине шекем (2 млн. 60 мың сум – 2 млн. 884 мың сум), лаўазымлы шахсларға болса 10 есесинен 15 есесине шекем (4 млн. 120 мың сум – 6 млн. 180 мың сум) муғдарда жәрийма салынады.

Өсимлик қалдықларын жағыў нәтийжесинде атмосфераға ийис гази, углерод оксиди сыяқлы зыянлы затлар ажыралып шығады. Бул болса тек ғана экология ушын емес, ал инсанлардың саламатлығы ушын да үлкен қәўип туўдырады. Қоршаған орталықтың патасланыўының алдын алыў бәршемиздиң пуқаралық миннетимиз!

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА