Қәниге менен сәўбет: базарда тең имканиятларды тәмийинлеў жоллары

125


Бүгинги күнде товар ҳәм қаржы базарында, социаллық тармақлардағы реклама материалларында, хожалық жүргизиўши субъектлер хызметин ямаса товарларын сатыўда аса сүўретлеўи: мәселен, “биринши” (номер один), “ең жақсы” деген сөзлерден пайдаланып салыстырыўлары ақыбетинде тутыныўшыларды шалғытып, алданып қалыў жағдайлары ушыраспақта. Олардың мақсети – жеңил жол менен, аңсат пул табыў. Өзлериниң өнимлерин, брендлерин раўажландырыў ушын күшин, ўақтын сарыплаўды қәлемейди. Ең аянышлысы, олардың ислеп шығарып атырған өнимлериниң сапасы талапқа жуўап бермеўи мүмкин. Олар өнимниң сапасын жақсылаў ҳаққында бас қатырып та отырмайды. Бирақ, сондай тараўлар бар, оларда сапасыз өнимди пайдаланыў қәўипли, ҳәттеки апатшылыққа алып келиўи мүмкин.

Бул, әлбетте, инсапсыз бәсекиликти келтирип шығарады. Усы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети бөлим баслығының орынбасары Ақылбек Ажимовтан бир қатар сораўларымызға жуўап алдық.

– Бүгин ишки базарымызда инсапсыз бәсекиликтиң тийкарынан қандай көринислери орын алған?

– Товар ҳәм қаржы базарында инсапсызлық түсиниги бәсекилик қатнасықлары менен байланыслы болып, надурыс салыстырыў, товар ислеп шығарыўшы ямаса сатыўшының реклама материалларында, социаллық тармақларда ҳәм басқа да усыллар менен өз товарын, бәсекилес товарға салыстырғанда жоқары дәрежеде салыстырыў, бәсекилеслер ҳаққында унамсыз мағлыўматларды тарқатыў болып есапланады. Буннан тысқары өзиниң өниминиң сапасы үстинде ислеместен, басқа бир бренд белгисине уқсас белгиден пайдаланыў, тутыныўшыны алжастырыў мақсетинде сыртқы көринисин уқсатып, бир-еки ҳәрибин өзгертип, өним ислеп шығарыў, базарға алып шығып сатыў көп ушыраспақта.

– Инсапсыз бәсекиликке қарсы гүресиў елимизде қандай ҳуқықый ҳүжжетке сүйенген ҳалда әмелге асырылады?  

– Жоқарыда айтылған еки ҳәрекет те тутыныўшыларды шалғытыўға алып келеди ҳәм нызамшылығымызға қайшы келетуғын ҳәрекет есапланады. Инсапсыз бәсекилик Өзбекстан Республикасының “Бәсекилик ҳаққында”ғы Нызамы менен тәртипке салынады.

Усы Нызам менен, “Хожалық жүргизиўши субъектлер ямаса олардың мәплерин гөзлеп басқа шахслар тәрепинен бәсекиликке қарата инсапсыз бәсекиликти әмелге асырыў, соның ишинде надурыс салыстырыў, яғный бәсекилес хожалық жүргизиўши субъектти ямаса оның товарынан, өзиниң товарының үстинлиги ҳаққында түсиник пайда ететуғын сөзлерден ямаса белгилерден пайдаланыў, товарының ҳақыйқый тастыйықланған тәрийплерин ямаса салыстырыў параметрлерин көрсетпеген ҳалда салыстырыў ҳәрекетлерин әмелге асырыў қадаған” етилген.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 29-декабрьдеги қарары менен “Инсапсыз бәсекиликти анықлаў” методикасы тастыйықланған. Усы методиканың 6-бәнтине муўапық, “Хожалық жүргизиўши субъект, шахслар топары ямаса оның мәплерин гөзлеп басқа шахслар тәрепинен өзин ямаса өзине тийисли товарларды бәсекилес хожалық жүргизиўши субъект ямаса оның товарынан үстинлиги ҳаққында хақыйқый тастыйыққа ийе болған товарларының тәрийплерин ямаса салыстырыў параметрлерин көрсетпестен салыстырыў, соның ишинде: “ең”, “ең жақсы”, “биринши,” “тек”, “тек ғана” ҳәм басқа да арттырыўшы сөзлерден пайдаланып салыстырыў, бәсекилес хожалық жүргизиўши субъекттиң хызмети ямаса оның товарының сапасы, баҳасы ҳәм басқа өзгешеликлерине унамсыз баҳа бериў арқалы өзиниң хызмети ямаса товары менен салыстырыў инсапсыз бәсекилик белгилери есапланады, деп көрсетилген.

Бул ҳәрекетлерди әмелге асырған физикалық ҳәм юридикалық шахслар усы нызамшылық тийкарында, тийисли тәртипте жуўапкершиликке тартылыўы белгиленген.

– Мине усындай товар белгилерин руқсатсыз көшириў ямаса пайдаланыў, өнимге ҳәдден тыс жоқары баҳа берип, тутыныўшыларды шалғытыў ушын нызамшылығымызда қандай жаза илажлары бар?

– Нызамбузыўшы нызамсыз түрде пайда көрип атыр ма, басқа бизнеске зыянын тийгизип атыр ма, тутыныўшыларды шалғытып атыр ма – ҳәммениң көрген зыянын төлеўи керек.

Бәсекилик ҳаққындағы Нызамның 42-статья, 4-бәнтинде инсапсыз бәсекилик жүз бергени ушын – хожалық жүргизиўши субъектлерге товар ямаса қаржы базарында бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылған дәўирде, бирақ ақырғы үш жылдан көп болмаған дәўирде, бәсекилик ҳаққындағы нызамшылық бузылған товар ямаса қаржы базарында товарды реализaциялаўдан алынған түсим суммасының 2 проценти муғдарында жәрийма қолланылады.

– Тутыныўшылар усындай өнимлерди алып, сизлерге наразылық билдирип мүрәжат еткен жағдайлар болды ма?

– Әлбетте, соңғы жыллар даўамында  биз усындай бәсекилик пенен турақлы түрде гүресип киятырған болсақ, жүдә көп мүрәжатлар алдық. Ҳәттеки, бизге телефон арқалы физикалық шахслар мүрәжат етип, сатып алған өниминиң сапасынан қанаатланбағанлығын айтады. Бул жағдай ҳәмме ўақытта инсаплы исбилерменлердиң жолын тосыўға, оларға ҳәм материаллық, ҳәм руўхый зыян жеткериўге алып келеди.

Ҳәзирги күнде қала ҳәм районлардың орайларында, социаллық тармақларда исбилерменлеримиз ҳәм социаллық тармақларда реклама тарқатыўшы блогерлер тәрепинен, биринши (№1, номер один), ең (мәселен; ең арзан, ең зор, тек, тек ғана) деген сөзлерден пайдаланылған рекламалар көбейип бармақда.

Жоқарыдағылардан келип шығып, ҳүрметли исбилерменлеримиз ҳәм социаллық тармақларда реклама тарқатыўшы блогерлер усы нызамшылық талапларына әмел етип ҳызметлерин алып барса, инсапсыз бәсекиликтиң алды алынып, тутыныўшылардың өзлерине керекли товарларды еркин таңлаўында шалғытыўшылық ҳәрекетлердиң алды алынған болар еди.

Сәўбетлескен:

Мийригүл ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы