Пахта жыйын-терими қызғын даўам етпекте

151

Бүгинги күнде пахта атызларында теримшилердиң пидәкерлик мийнети, аўызбиршилик ҳәм көтериңки кейпият ҳүким сүрмекте.

Кегейли районы Көк өзек аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Әсир 21” фермер хожалығында да пахта жыйын терими қызғын түрде әмелге асырылмақта.

Ол жерде ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң жәмәәти, сондай-ақ, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басшылары теримшилерге ҳармасын айтып, олар менен биргеликте пахта терими процесинде белсене қатнасты.

Партия белсендилери теримшилер менен сәўбетлесип, олардың жумыслары менен жақыннан танысты ҳәм күнлик қырманға өз үлесин қосты. Бундай илажлар тек ғана мийнет процесин қоллап-қуўатлаў емес, ал халық арасында болыў, мийнеткешлерге руўхый күш бағышлаў мақсетин гөзлейди.

Күн жуўмағында ең алдынғы теримшилер естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Илажда қатнасқанлар мийнеткеш инсанларға болған ҳүрмет ҳәм итибар арқалы жәмийетлик аўызбиршилик ҳәм татыўлық орталығы және де беккемленип атырғанын атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги