Суў хожалығында реформалардың даўамы: жаңа техника қураллары әмелиятта

189

Нөкис районындағы “Дослық-1” суў бөлистириў объектинде суў хожалығы системасы шөлкемлерине жаңа экскаваторлар ҳәм суўшыларға скутерлерди тапсырыўға бағышланған илаж болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары Т.Бутунбаевлар шығып сөйлеп, соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында суў хожалығы системасында алып барылып атырған реформалар ҳәм олардың орынлардағы нәтийжелери ҳаққында пикир билдирди.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиздиң суў хожалығы системасының жумысына байланыслы көплеген пәрман ҳәм қарарлары, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы ушын айрықша қарарлар қабыл етилди ҳәм олар тийкарында орынларда кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-январьдағы тийисли қарарына тийкарланып, усы жылдың өзинде Қарақалпақстан Республикасы районларындағы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемелерине жәми 9 дана экскаватор алып келинди. Бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам еттирилип, система шөлкемлерине зәрүр техникалар ҳәм суўшылар ушын скутерлер алып берилип, олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.

Буннан соң, 5 районлық “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемелерине жаңа экскаваторлар ҳәм суў хожалығы системасы шөлкемлеринде ислейтуғын 55 хызметкерге скутерлердиң гилтлери салтанатлы түрде тапсырылды.

Илажда ветеран суўшылар, жаңа техника ҳәм скутерлер тапсырылған хызметкерлер де шығып сөйлеп, Президентимизге, республика басшылығына ҳәм Суў хожалығы министрлигине көрсетилип атырған итибар ушын миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги