Исмоил Жўрабековтың шаңарағына кеўил билдирилди

257

Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министриниң кеңесгөйи Исмоил Жўрабеков быйыл 28-сентябрь күни қайтыс болған еди.

Президент Шавкат Мирзиёев бүгин аза тутқан шаңараққа барды. Қуран оқылып, дуўа етилди.

Мәмлекетимиз басшысы марҳумның ийгиликли ислерин, Ўатанымызға хызметлерин еске алды.

Исмоил Жўрабеков 1931-жыл 12-сентябрьде Самарқанд қаласында жумысшы шаңарағында туўылған. Мийнет жолы даўамында суў хожалығы тараўында жуўапкер лаўазымларда мийнет етип, республикамызда ирригация ҳәм мелиорация тараўын раўажландырыўға мүнәсип үлес қосты. 1985-жылы Өзбекстан Министрлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары етип тайынланды.

Ғәрезсизлик жылларында И.Жўрабеков Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары, Мәмлекетлик суў қадағалаўының баслығы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи лаўазымларында да нәтийжели жумыс алып барды.

Соңғы жыллары И.Жўрабеков теберик жаста болыўына қарамастан, суў хожалығы министриниң мәсләҳәтшиси сыпатында хызмет етип, Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған кең көлемли реформаларды әмелге асырыўға белсене қатнасты.

Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткердиң халқымыз ҳәм Ўатанымыз алдындағы хызметлери мүнәсип баҳаланып, ол “Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен ирригатор” ҳүрметли атағы ҳәм мәмлекетимиздиң бир қатар жоқары сыйлықлары менен сыйлықланған еди.

Мәмлекетимиз басшысы марҳумның перзентлери ҳәм жақынларына кеўил айтып, сабыр тиледи. Олар Президентимизге келгени ҳәм кеўил билдиргени ушын миннетдаршылық билдирди.

ӨзА