«Бир регион, бир ҳаўаз, бир күш» – Орайлық Азия педагоглары Нөкисте бирлести

5-6-октябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасында «Орайлық Азия педагоглары – бир регион, бир ҳаўаз, бир күш» сүрени астында Орайлық Азия педагогларының халықаралық форумы өткерилмекте.
Онда Орайлық Азия мәмлекетлери (Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан) билимлендириў министрликлери, атап айтқанда, Әзербайжан ҳәм Түркия мәмлекетлериниң билимлендириў системасы хызметкерлери, педагоглар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнаспақта.
Форум илажлары шеңберинде қатнасыўшылар Шымбай районында болды. Сапар даўамында олар район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген илажда қарақалпақ халқының бай миллий дәстүрлери, миллий тағамлары ҳәм өнерментшилиги менен жақыннан танысты.
Илажда қарақалпақ халқының бай мәдений мийрасы ҳәм дәстүрий қәдириятлары мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Форум қатнасыўшылары буннан кейин Тахтакөпир районында жайласқан «Қаратерең» туристлик орайына келди ҳәм бул жердеги бир қатар мәдений-ағартыўшылық илажларда қатнасты.
Атап айтқанда, этнотуристлик аймақта жаратылған шараятлар, қара үй қурыў процесслери, ҳақыйқый шөл орталығы көпшиликте қызығыўшылық оятты. Сондай-ақ, аймақта шөлкемлестирилген қарақалпақ миллий көркем өнери үлгилери ҳәм этнографиялық көркем шығыўлар мийманларда үлкен тәсир қалдырды.
– Қарақалпақстанда өткерилип атырған бул форумға Орайлық Азия мәмлекетлери ушын оғада әҳмийетли илаж болып табылады, – дейди қазақстанлы педагог Гүлнара Муқашева. – Илаж шеңберинде республикаңыздың көплеген орынларында болып, үлкеңиздиң әжайып тәбияты ҳәм миймандос адамлары менде жақсы тәсир қалдырды. Бундай илажлар еле де даўам ете бериўине тилеклеспен.
Күнниң екинши ярымында педагоглар ушын оқыў-семинар илажлары шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги