Австрияда елимиздиң туризм потенциалы көрсетилди

Вена қаласындағы тарийхый Шёнбруни сарайында Өзбекстанның туризм потенциалы көрсетилди.
Илажда Австрия мәмлекетлик шөлкемлери, илимий топарлар, халықаралық структуралар, дипломатиялық корпус ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының делегациясы қатнасты.
Өзбекстанның Австриядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бахтиёр Ибрагимов туризмниң мәмлекет экономикасындағы орны, бай мәдений-тарийхый мийрасымыз, соның ишинде, ЮНЕСКО дизимине киргизилген объектлер, туризм тараўындағы жаңаланыўлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Өзбекстанның Австриядағы туризм брендиниң елшиси Гертруда Таухаммер бундай басламалардың мәденият ҳәм туризм тараўларындағы өз-ара байланысларды кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтип, бундай илажларды турақлы өткериў усынысын билдирди.
Илажда шығып сөйлеген Австрияның Өзбекстандағы елшиси Маттиас Радостич елимизде, әсиресе, экономика тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтип, Өзбекстан сырт елли туристлер ушын ең тартымлы бағдарлардан бири екенин атап өтти ҳәм илаж қатнасыўшыларын мәмлекетимизге мирәт етти.
Презентация шеңберинде шөлкемлестирилген миллий тоқымашылық ҳәм жипектен таярланған буйымлар көргизбеси мийманларға өзбек өнерментшилигиниң бай дәстүрлери менен жақыннан танысыў имканиятын берди.
Азиза АЛИМОВА таярлады, ӨзА